Самарқандта Түркий мәмлекетлер шөлкеми туризм тараўы ўәкиллери жумысшы топарының 16-мәжилиси болып өтти.

Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң секретариаты ҳәм Өзбекстан Республикасы Туризм ҳәм спорт министрлиги менен биргеликте шөлкемлестирилген илажда Түркия, Әзербайжан, Қазақстан, Қырғызстан ҳәм мәмлекетимиз ўәкиллери тиккелей, Түркменстан ҳәм Венгрия туризм тараўының жуўапкерлери онлайн тәризде қатнасты.

Мәжилисте Түркий мәмлекетлер шөлкемине ағза ҳәм бақлаўшы мәмлекет басшыларының 2021-жыл 12-ноябрьде Стамбул қаласында болып өткен ушырасыўында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен «Теберик зыярат» жойбары шеңберинде биргеликте «жол картасы»н ислеп шығыў ҳәм «Қоқанд – түркий дүнья туризм пайтахты» статусы арқалы биргеликте өнерментлер көргизбелери, этноспорт музыкалары, мәдений мийрасты сақлаў ҳәм қайта ислеў сыяқлы илажларды шөлкемлестириўге байланыслы басламалардың орынланыўы ҳәм басқа да мәселелер додаланды.

– 2021-жыл 24-июньде Қоқанд қаласында болып өткен Түркий мәмлекетлер шөлкемине ағза ҳәм бақлаўшы мәмлекетлер туризм ўәкиллериниң 6-мәжилисинде «Теберик зыярат» жойбары тийкарында бирге ислесиўди раўажландырыў белгиленип, Қоқанд қаласы «Түркия дүнья туризм пайтахты» етип таңланған еди, – дейди Түркий кеңес бас хаткериниң орынбасары Мирвоҳид Азимов. – Усы жойбар шеңберинде шөлкемге ағза ҳәм бақлаўшы мәмлекетлер арасында туризм тараўында өз-ара бирге ислесиўди раўажландырыў нәзерде тутылған. Мәжилисте жойбарда нәзерде тутылған халықаралық ярмарка, көргизбелер, фестивальлар, миллий спорт жарысларын биргеликте өткериў, шөлкемге ағза мәмлекетлердеги илимий орайлар арасында бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша да пикир алыстық.

Конференция шеңберинде мийманлар Самарқандтағы тарийхый-мәдений естеликлерди зыярат етти. Әлийшер Наўайы туўылған күниниң 581 жыллығына бағышланған илажларда қатнасты.

Ғ.ХАСАНОВ,

ӨзАның хабаршысы