Ҳәр бир инсан өзиниң туўылып өскен жерин жақсы көреди. Солар қатарында мениң өзимде киндик қаным тамған Қызылөзекти жанымнан артық көремен. Себеби, мен бул жерде туўылып, өзим қатарлы досларым менен балалар бақшасына, соңынан мектепке барып устазларымнан тәлим-тәрбия алдым. Аўыллас жасы үлкенлердиң жасы кишилерге көрсеткен ғамқорлығы ҳәм мийирманлығы нәтийжесинде, олардан зәрүрли ақыл-нәсият ҳәм жол-жоба алып камалға келмектемен.

Бизиң аўылымыз әййемги бес қаланың бири болған Шымбай қаласының арқа-батыс тәрепинде жайласқан болып, бүгинги күни онда бес мыңнан аслам халық тыныш-татыў турмыс кеширмекте. Соны айтып өтиўимиз керек, аўылымыз онша үлкен болмағаны менен онда ҳәр түрли миллет ўәкиллери бир атаның балаларындай өз-ара аўызбиршиликте жасап киятыр. Атап айтатуғын болсақ, бүгинги күни Қызылөзекте қарақалпақлардан тысқары, қазақ, өзбек, түркмен, қырғыз, татар, кореец  халықларының ўәкиллери жасап атыр.

Соның ишинде, мениң миллетим өзбек болғаны менен ҳеш ўақытта өзимди басқалардан бөлек сезбегенмен. Аўылласларымыз да бизлерди өзбек деп ҳеш қашан айырған емес. Қуўанғанда қуўанып, қапа болғанда қайғымызды теңдей бөлисти.

Бул ушын олардан мәңги миннетдармыз. Аўылымызда 2 улыўма орта билим бериў мектеби, еки балалар бақшасы, аўыллық шаңарақлық поликлиника, қыстаўлы тез жәрдем бөлими халқымызға хызмет етип келмекте.

Әсиресе, соңғы жыллары аўылымыз аймағында көплеген ири өзгерис ҳәм жаңаланыўлар жүз берди. Атап айтатуғын болсақ, аўыл пуқаралар жыйынында «Абат аўыл» мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында жолларымыз қайта оңланып, жаңадан ишимлик суў тармақлары, электр линиялары тартылды. Үйлеримиз қайтадан тәбийғый газ тармағына жалғанды. Сондай-ақ, көшелеримизге жақтыландырыў үскенлери орнатылып, хожалықларға интернет тармақлары тартып берилди.

Усылар менен бир қатарда, өткен жылы «Ашық бюджет» порталында жеңип шыққан аўылымыз орайындағы мектеп жанына жасыл қаплама төселген спорт майданшасы қурып берилди.

Мине бул ийгиликли ислердиң барлығының артында елимизде жүргизилип атырған әдил сиясат ҳәм халқымыздың мейтиндей өз-ара аўызбиршилиги жатыр деп ойлайман. Илайым, аўылымыз халқының дослығы ҳәм татыўлығына ҳеш қашан көз тиймегей!

Рашида Садуллаева,

Шымбай районындағы 17-санлы мектептиң 7-класс оқыўшысы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги