Жәмийетте саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, халықтың, әсиресе, жас әўладтың денетәрбия ҳәм ғалабалық спорт пенен үзликсиз шуғылланыўы ушын заман талапларына сай шараятлар жаратыў, спорт жарыслары арқалы жасларда өз күшине ҳәм имканиятларына болған исенимин беккемлеў мақсетинде денетәрбия ҳәм ғалабалық спортты және де раўажландырыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Пайтахтымызда «Бәркамал әўлад» спорт жарысларының жеңимпаз командаларына «Президент саўғасы»н тапсырыў  ҳәм «Студентлер лигасы» спорт жарысларының республикалық басқышы жеңимпазларын салтанатлы түрде сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Республиканың барлық аймақларында академиялық лицей ҳәм профессионал билимлендириў орайлары оқыўшылары арасында «Бәркамал әўлад» спорт жарыслары гезекпе-гезек өткергенлигин атап өтиўимиз керек.

Илажды Бас министрдиң орынбасары Зулайҳо Маҳкамова ҳәм Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Қўңғиротбой Шарипов кирис сөзи менен ашып, жарыс жеңимпазларын ҳәм сыйлы орын ийелерин қутлықлады ҳәм спорттың инсан саламатлығындағы әҳмийети, жасларды зыянлы әдетлерден сақлаўдағы орны әҳмийетли екенин атап өтти.

Жарыс спорттың 16 түри –бадминтон, баскетбол, белбеўли гүрес, волейбол, гандбол, дзюдо, жеңил атлетика, гүрес, футбол, стол тенниси, стритбол, еркин ҳәм грек-рум гүреси, шахмат, шашка, воркаут бойынша өткерилип, жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери мүнәсип сыйлықланды. Жарыслардың  биринши – билимлендириў орайлары басқышында 96 мың 424, екинши- район-қала басқышында 72 мың 436, үшинши басқышында 22 мың 924, төртинши республикалық финал басқышында 2 мың 464 оқыўшы-жаслар қатнасты.

Республикалық финал басқышының соңғы нәтийжелерине бола, 1-орынға Ташкент қаласы, 2-орынға Бухара ўәлаяты, 3-орынға Әндижан ўәлаяты мүнәсип деп табылды. Бул сайланды командалар 192 миллион сумлық «Президент саўғасы» топламы менен сыйлықланды.

Сондай-ақ, жоқары билимлендириў орайлары студентлери арасында биринши рет ғалабалық түрде өткерилген «Студентлер лигасы» спорт жарысларының жеңимпазлары менен сыйлы орын ийелери де усы илажда салтанатлы түрде сыйлықланды.

Спорттың футбол, баскетбол, волейбол, стол тенниси, шахмат түрлери бойынша өткерилген «Студентлер лигасы» спорт жарысларында республика бойынша жәми 12 мың 365 команда қатнасты.

Жарыслардың 1-басқышында 147 ЖООдан 562 мың 154, 2-басқышында 21 мың, 3-республикалық басқышында 42 ЖООның мыңнан аслам студент- жаслар өз-ара беллести. Жеңимпазлар ҳәм сыйлы орын ийелери мүнәсип сыйлықланды.

Сыйлықлаў мәресиминде студентлердиң қатнасыўындағы музыкалық шығыўлары көрсетилди.

Муҳайё ТОШҚОРАЕВА,
ЎзА мухбири