27-октябрь күни болып өтетуғын парламент ҳәм жергиликли Кеңес депутатлары сайлаўына таярлық процесслери қызғын өтпекте.

Мәмлекетимизде болып өтетуғын бул сиясий процесске таярлық көриў бағдарындағы ис-ҳәрекетлерди бақлаў мақсетинде бир қатар халықаралық бақлаўшылар миссиялары елимизде болып турыпты.

Өзбекстан Экологиялық партиясы Орайлық кеңеси Атқарыў комитетинде Ғәрезсиз мәмлекетлердиң дослық аўқамы Парламентлераралық Ассамблеясының сайлаўды бақлаў миссиясы ўәкиллери менен ушырасыў болып өтти.

Мийманлар дәслеп партия Орайлық кеңеси Атқарыў комитетинде шөлкемлестирилген сайлаў штабы менен таныстырылып, штабтың жумысы, партияның сайлаў процесслерине көрип атырған таярлығы ҳәм алып барылып атырған үгит-нәсиятлаў илажлары ҳаққында мағлыўмат берилди.

Сөйлесиў даўамында сайлаўалды процесслер ашық түрде өтип атырғаны, барлық партияларға теңдей шараятлр жаратылғаны айрықша атап өтилди.

Өз гезегинде миссия ўәкиллери мәмлекетимиздеги сиясий илаж, партияның сайлаўға таярлық көриў бағдарындағы жумысы тийкарында өз пикирлерин билдирди.

Ушырасыў өз-ара қызғын ҳәм конструктивлик сөйлесиў тийкарында өтти

ӨзА