Қарақалпақстан хабар агентлиги-ҚҚХА 1954-жылы бурынғы Өзбекстан телеграф агентлиги-ӨзТАГтиң Қарақалпақстан бөлими сыпатында жумыс баслаған. Бөлим тийкарынан жергиликли газеталарда басылып шығатуғын, телевидение ҳәм радио арқалы эфирге узатылатуғын ТАСС хабарларын ҳәм басқа да рәсмий материалларды қарақалпақ тилине аўдарыў менен шуғылланған.
1976-жылы ӨзТАГтиң Қарақалпақстан бөлими жанында хабар таярлаў редакциясы шөлкемлестирилген.
Ҳәзирги ўақытта бөлим хызметкерлери тек аўдарма менен шуғылланбастан, күнниң ең әҳмийетли темасындағы хабар, мақала ҳәм репортажлар да таярламақта. Штат бирлиги кеңейген.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 1992-жыл 5-февральдағы Пәрманына тийкарланып, Өзбекстан телеграф агентлиги-ӨзТАГ Өзбекстан Миллий ахборот агентлиги-ӨзА болып қайта шөлкемлестирилгеннен кейин ӨзТАГтиң Қарақалпақстан бөлими негизинде Қарақалпақстан хабар агентлиги шөлкемлестирилди. (Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси агентликтиң шөлкемлестириўшиси болып есапланады)
ҚҚХА Өзбекстан Миллий ахборот агентлиги арқалы мәмлекетимиздиң барлық ғалаба хабар қуралларына Президентимиз ҳәм Ҳүкимет тәрепинен қабыл етилип атырған пәрман, қарар ҳәм бийликлерди, сондай-ақ, айрықша сиясий әҳмийетке ийе ҳәм басқа да материалларды қарақалпақ тилинде жеткерип келмекте. Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Министрлер Кеңеси жумысына байланыслы рәсмий материалларды таярлайды ҳәм республика көлеминде болып өтетуғын жәмийетлик-сиясий, экономикалық, мәнаўий-ағартыўшылық илажларды жарытып барады.
ҚҚХА хабарлары өзбек, қарақалпақ ҳәм рус тиллеринде бериледи.