Нөкисте Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты тәрепинен шөлкемлестирилген “Ең жақсы социаллық баслама” таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышы болып өтти.
Онда тийисли комиссия ағзалары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Таңлаўда Нөкис қалалық ҳәм районлық басқышларда жеңимпаз болған талабанлар беллести.
Таңлаўды өткериўден тийкарғы мақсет, өз алдына социаллық мәселелерди унамлы шешиўге қаратылған басламаларды ҳәм сол арқалы халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламын қоллап-қуўатлаў, аймақлардағы социаллық мәкемелердиң инфраструктурасын жақсылаўдан ибарат. Онда белгиленген 4 номинация бойынша жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери анықланып, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңеси тәрепинен сыйлықланды. Мағлыўмат орнында, барлық номинация бойынша биринши орын жеңимпазлары усы жылдың октябрь айында Ташкент қаласында болып өтетуғын жуўмақлаўшы басқышта қатнасады.
Таңлаў жеңимпазларын сыйлықлаў мәресимине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Ш.Өтемисов қатнасты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги