Кикбоксшилеримиз ҳәзирше 1-орында киятыр

Ташкент қаласында кикбоксинг бойынша жәҳән кубоги беллесиўлери болып өтпекте.
Онда дүньяның 53 мәмлекетинен 2600 ден аслам кикбоксинг шеберлери усы спорттың 7 түри бойынша жеңимпазлық ушын гүрес жүргизбекте.
Жарыстың дәслепки күнинде Өзбекстан сайланды командасы ағзаларынан Акбар Искандаров, Асадбек Аҳмедов, Камолиддин Азимжонов, Жавоҳир Акбаров, Алишер Равшанов, Санжар Носиров, Назокат Бозорова, Шодия Шавкатбекова, Шоира Тўлаганова, Нурбаҳор Раҳимова ҳәм Сафия Агафоновалар өз салмақ категорияларында алтын медальды қолға киргизиўге миясар болды.
Улыўма командалық есапта да Өзбекстан сайланды командасы 25 алтын, 32 гүмис, 53 қола медалы менен биринши орынды ийелеп келмекте.
Ал, 6 алтын, 1 гүмис ҳәм 3 қола медалына ийе тәжикстанлы спортшылар екинши, 2 алтын, 3 гүмис ҳәм 9 қола медалын жеңип алған қазақстанлы кикбоксшилер үшинши орынды ийелеп тур.
Беллесиўлер еле даўам етпекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы