Испанияның «El país» газетасында «Әпсаналық Жипек жолы бойлап заманлар бойлап саяхат» мақаласы жәрияланды.

Испаниялы журналист Начо Менесес тәрепинен жазылған мақалада Өзбекстанның туристлик потенциалы, тарийхый қалалары, бийтәкирар естеликлери ҳаққында сөз етилген. Буннан тысқары, автор мәмлекетимизге қалайынша жетип келиў мүмкин екенлиги ҳаққында да ҳәр тәреплеме мағлыўмат берген.

Мақала «Мың жыллық, әпсаналық ҳәм таң қаларлық Жипек Жолы әсирлер даўамында узақ жолларды бирлестирген болып, онда Азия континентинен шыққан кәрўанлар Европа ҳәм Африка базарларына шекем жетип барған. Сол дәўирдеги кәрўанлар басып өткен жоллардан ҳеш бири Өзбекстандай тарийхыйлығын сақлап қалмаған. Яғный, Жипек жолы басқыншылар тәрепинен бузылған, пүткиллей өзгерттирип жиберилген. Мәмлекеттиң заманагөй пайтахты Ташкенттен мың жыллық тарийхқа ийе Самарқанд, жумбақларға толы Бухара менен Хийўа, шөл дүрданасы Қызылқум бойлап ҳәрекетленсең, «Мың бир түн» әпсаналары бойлап сейил еткендей сезезең», деген сөзлер менен басланған.

Бизге белгили, ҳәзирги күнде Испания пайтахты Мадрид қаласында Ташкентке чартер рейслер жолға қойылған. Бул елимизге сырт ел, соның ишинде, испаниялы туристлердиң сапарын және де арттырыўға хызмет етпекте.

Начо Менесес Өзбекстандағы туризм раўажланған қалаларды айрықша тәрийплеген.

Ташкент – тарийх ҳәм ҳәзирги күн арасындағы қала

Ташкенттиң тарийхы эрамыздан бурынғы бесинши әсирге барып тақалады. Бул қала XIII әсирде Шыңғысханның ҳүжими ақыбетинде ўайран болады ҳәм XIV әсирде миллет қаҳарманы Әмир Темур тәрепинен қайта қурылады. Ҳәзирги күнде 2,3 миллион халқына ийе қала тарийхта Шош, Чоч атлары менен аталған».

Журналист Ташкент архитекторлығына, тарийхыйлық ҳәм заманагөйликтиң үйлескенлигине айрықша итибар қаратады. «Өзбекстан» мийманханасының теңсиз архитектурасы, Ғәрезсизлик майданы, Ҳәсиретли ана естелиги, Екинши жер жүзилик урыста қайтыс болған өзбек мәртлериниң атлары жазылған естелик дәптерлери онда үлкен тәсир қалдырғанын жазады.

«Ташкентти тамашалар екенсең, оның метросынан пайдаланбай илажың жоқ, сийрек гезлесетуғын архитектура тийкарында қурылған бәндиргилер, соның ишинде, Әлийшер Наўайы, Ғәрезсизлик майданы, Пахтакор ҳәм Космонавтлар бәндиргилерди тәрийплеўге тил әззи», дейди журналист.

Әййемги Самарқанд қаласына «Мыңжыллық» деп сыпатлама берилген.

«Ташкентти изде қалдырып, топарымыз бенен дүньяның ең әййемги қалаларынан бири Самарқандқа жол алдық. Бул қала еки мың жыллық Уллы Жипек Жолының стратегиялық орынларынан бири болып есапланған. V888 әсирде қурылған Самарқанд ҳәм оның тарийхый архитектуралық, археологиялық естеликлери 2001-жылы «Самарқанд – мәдениятлар кесилиспеси» аты менен ЮНЕСКОның Пүткил жер жүзилик мийрасы дизимине киргизилген. Ол Орта Азияның тийкарғы қалаларынан бири болып есапланады. Бул жерде тарийхта аты қалған Александр Македонский, Шыңғысхан ҳәм әлбетте, Әмир Темур ҳүкимдарлық еткен. Әмир Темур бул гөззал қаланы 1370-жылы өз мәмлекетиниң пайтахтына айландырған, дейди Менесес.

Сондай-ақ, мақалада Регистан майданы, медреселер, бийтәкирар архитектуралық көркем өнери, майданда болып өтетуғын ҳәр қыйлы тамашалар, Шоҳи Зинда комплекси, Биби Ханым мешити ҳәм мақбарасы, Конигил туристлик аўылы, Самарқанд қағаз фабрикасы, Сиёб базары ҳаққында ҳәр тәреплеме  мағлыўмат берилген.

Бухара – Пүткил дүньяның мийрасы

Бухараға бийкарға бундай сыпатлама бергеним жоқ,-дейди Менесес. Бул жерде 2000 ға шамалас Пүткил жер жүзилик мийрасы дизимине киргизилген естеликлерди ушыратыўыңыз мүмкин. Оның гөне қала бөлими, мешит ҳәм медреселери, кәрўансарайлары пүткил дүнья туристлерин өзине тартыўы тайын. Бухарадағы биринши сапарымыз Пойи Калонға болды. Ҳәзирги ўақытқа шекем жумыс алып барып атырған медресе, ол жердеги мешит ҳәм минараны бир мәрте көрип болмайды. Бул жерге күндиз айланыў, кешқурын болса тамашалаў ушын келиў керек», деп жазады журналист.

Пойи Калон ҳаққында жазып, Начо Менесес оның тарийхы, узынлығы, неше әсирлер даўамында басқынларға берген «шыдамы» ҳаққында гүрриң етеди. Сондай-ақ, мақалада Боло Ҳовуз, Арк қаласы, Чор Минор комплекси, Лаби Ҳовуз, оның әтирапындағы базарлар, ең ләззетли Бухара кәбаплары ҳәм палаўы ҳаққында да жазылған.

Мақаланың «Хийўа – Қызылқум шөлиниң дүрданасы» деп аталған бөлиминде Қызылқумның флора ҳәм фаунасы, Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрья аралығында жилўаланып турған Хийўа ҳаққында сөз барады. Автордың айтыўынша, кәрўанлар Иранға кириўден алдын мине, усы Хийўада тоқтап өткен. Бул мәканның ири қул базары, Ийшан Қала комплекси менен аты шыққан.

26 гектар жерди ийелеген Ийшан қаланың 4 дәрўазасы, 8 мешити, 31 медресеси, 14 минарасы, 12 мақбара ҳәм 6 сарайы ҳаққында да толық мағлыўмат берилген. Бул төрт дәрўаза ҳәр тәрептен кирип келген кәрўанлар ушын қолайлықлар жаратқан. Мақала Келте минар тарийхы, оның қурылысы өз жуўмағына жетпей қалғанына байланыслы дәлиллер менен жуўмақланады.

Мағлыўмат ушын: «El país» Испанияның ең абырайлы газетасы болып, ҳәр күни 1 миллион 4 мың нусқада басып шығарылады. Электрон түрин күнине 18 миллион оқыўшы оқыйды. Газета испан, каталан, инглис ҳәм португал тиллеринде басып шығарылады.

Маҳфуза Ортиқова,

ӨзА