Ипотека субсидияларын алыў ушын арзаларды баҳалаў нормаларлы өзгерди.

Министрлер Кабинетиниң қарары менен арзаларды көрип шығыў енди subsidiya.idm.uz арнаўлы платформасында әмелге асырылады. Бирден-бир портал (my.gov.uz) арқалы мүрәжат етилгенде арзалар автоматикалық түрде оған бағдарландырылады, мәмлекетлик хызметлер орайлары болса мүрәжат етилгеннен кейин бир саат ишинде оларды системаға киргизиўи керек.

Оларды баҳалаўда арза бериўши ҳәм оның өмирлик жолдасының дәраматлары менен бир қатарда енди кепиллик етиўшилердиң жақын туўысқанларының дәраматлары да есапқа алынады. Баҳалаў ушын 12 айға шекем болған дәўир ушын орташа дәраматтан пайдаланылады.

Арзаларда баҳалаўда пайдаланылатуғын социаллық нормалардың жаңа системасы тастыйықланбақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги