Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2020-жыл 4-ноябрьдеги «Кураш миллий спорт түрин раўажландырыў ҳәм оныӊ халықаралық абырайын буннан былай да арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары менен тастыйықланған «Жол картасы»ның 6-бәнтине муўапық ҳәр жылы бир мәрте мәмлекетлик уйымлар кәрханалары ҳәм шөлкемлери хызметкерлери арасында Кураш миллий спорт түри бойынша жарыс өткериў белгиленген еди.
Усы жылдың 12-17-ноябрь күнлери Ташкент қаласында «Өзбек палўаны», «Нураныйлар», ҳаял-қызлар арасында «Кураш маликалары» республика турнири болып өтпекте. Соннан 13-14-ноябрь күнлери өткерилген “Өзбек палўаны” жарысында Қарақалақстан Республикасы сайланды командасы нәтийжели қатнасып сыйлы орынларды жеңип алыўға мияссар болды.
Атап айтқанда, 63 килограмм салмақта Қарақалпақстан Денсаўлықты сақлаў министрлиги қыстаўлы медициналық жәрдем орайы педиатрия бөлиминиң хожалық бийкеси Алтынгул Утенизова, 78 килограмм салмақта Нөкис районы 2-санлы Мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң тәрбияшысы Эльмира Ихласовалар екинши, 57 килограмм салмақта Нөкис қаласы 36-санлы Мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң дене тәрбия жетекшиси Меҳрибан Қыдырбаева, 90 килограмм салмақта Қанлыкөл районы “Абдирасул Артур” фермер хожалығының жумысшысы Мансур Төремуратов, +78 килограмм салмақта Нөкис қаласы “NUKUS AQUA MIR” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң хызметкери Нургул Утемуратовалар үшинши орынларды ийеледи.
Жарыслар даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги