Жоқары суд пленумының гезексиз мәжилисинде айырым районлараралық ҳәкимшилик судларға биринши мәрте судьялық лаўазымына тайынланған судьялардың ант қабыл етиў мәресими өткерилди.

Жоқары суд баслығының орынбасары Икром Муслимов судьялардың саны жаңа ағзалар менен толтырылып атырғаны судьялардың жумыс жүклемеси оптималласыўына, өз гезегинде, әдил судлаўдың нәтийжелилиги ҳәм пуқаралардың судқа болған исениминиң артыўына алып келетуғынын атап өтти.

Мәжилисте Судьялар жоқары кеңесиниө 2024-жыл 13-ноябрьдеги қарарына муўапық судьялық лаўазымында болыўдың биринши бес жыллық мүддетине тайынланған Қ.Султанов, М.Камолов ҳәм А.Иматовтың анты тыңланды.

Ант қабыл еткен судьяларға судьялық гүўалықлары тапсырылды.

​​Н.Абдураимова, ӨзА