Бирлескен Араб Әмирликлери WAM мәлимлеме агентлиги хабарында Рас Ал-Хайма Саўда-санаат палатасы ҳәм Өзбекстан Республикасы исбилермен топарлары арасындағы бирге ислесиў жедел раўажланып атырғаны атап өтилген. Мақалада әмирликлердиң биргеликтеги илажлар өткериў арқалы экономикалық шериклик көлемин кеңейтиў, өз-ара инвестицияны хошаметлеў, саўда миссияларын алмасыўға умтылысы күшейип атырғаны атап өтилген.
Атап айтқанда, Палата директорлар кеңесиниң баслығы Муҳаммад Мусабиҳ Ал-Нуаймий ҳәм мәмлекетимиздиң БАӘдеги елшиси Абдулазиз Аққулов арасында болған ушырасыўда коммерицялық ҳәм сиясий мәсләҳәтшилердиң қатнасыўында бирге ислесиўди беккемлеў, саўда алмасыў көлемин арттырыў, ҳәр еки тәреп исбилерменлери, миссиялары ҳәм саўда делегацияларының биргеликтеги илажлары ҳәм өз-ара сапарларын шөлкемлестириў механизмлерин табыў жоллары додаланды.
Ал-Нуаймий Өзбекстан ҳәм Рас-Ал-Хайма әмирлиги қатнасықларының еки мәмлекет қатнасығының раўажланыўына қосып атырған үлесин жоқары баҳалады.
Муҳаррама Пирматова, ӨзА