Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Ўатанымыз тарийхында оғада қурамалы ҳәм сынақлы дәўир болған XX әсирдиң басында ел-журтқа танылған Маҳмудхожа  Беҳбудий Түркстан жадидлик ҳәрекетиниң тийкарын салыўшысы болып есапланады. Ол миллий азатлық ҳәрекетиниң уллы ғайраткери сыпатында илим, билимлендириў ҳәм тәрбия, әдебият ҳәм көркем өнер, баспасөз тараўларын раўажландырыў, дүньядағы раўажланыўдың алдынғы жетискенликлерин өзлестириў арқалы халқымыздың санасын жоқарылатыў ҳәм еркинликке ерисиў жолында өз өмирин бағышлаған  пидайы инсан болып есапланады.

Маҳмудхожа Беҳбудий патшалық ҳүкимети  ҳәм жергиликли фанатлық күшлердиң мислсиз қарсылығына қарамастан, елимизде бириншилер қатарында дәслепки заманагөй мектеплерди шөлкемлестириў, олар ушын зәрүр сабақлықлар жаратыў, басылым ҳәм театрлар қурыў жумысларына басшылық етти. Шебер публицист сыпатында өз дәўириниң  әҳмийетли машқалаларына бағышланған бир қатар салмақлы шығармалар ҳәм еки жүзден аслам мақалалар дөретти. Соның менен бирге, «Самарқанд» газетасы ҳәм «Ойина» журналына тийкар салды. 1914-жылы «Туран» театрында сахналастырылған «Падаркуш» пьесасы арқалы үлкемизде театр көркем өнериниң тырнағын қойды. Тилекке қарсы, атақлы жазыўшы ҳәм жәмийетлик  ғайраткер болған бул ойшыл 44 жасында жаўыз күшлердиң қурбаны болды.

Ғәрезсизлик  дәўиринде Маҳмудхожа Беҳбудийдиң естелигин мәңгилестириў, өмири ҳәм жумысын терең изертлеў, илимий ҳәм көркем шығармаларын ғалаба ен жайдырыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Әсиресе,  кейинги жылларда Ташкент қаласындағы Жазыўшылар қыябанында оның үлкен естелиги орнатылғаны, Самарқанд қаласында үй-музейи шөлкемлестирилгени  мәмлекетимиз турмысында үлкен ўақыя сыпатында атап өтилди. Талантлы  драматурглер  ушын Маҳмудхожа Беҳбудий атындағы сыйлық шөлкемлестирилгени усы жолдағы жаңа әмелий қәдем болды.

Маҳмудхожа Беҳбудий шығармаларының жас әўладымыздың интеллектуаллық ҳәм мәнаўий  потенциалын арттырыў, усы тийкарда оларды Жаңа Өзбекстанды қурыўшылары, шын ўатансүйиўши инсанлар етип тәрбиялаў  бағдарындағы орны ҳәм әҳмийетин инабатқа алып ҳәм оның бийбаҳа мийрасын және де кеңрек үйрениў  ҳәм үгит-нәсиятлаў  мақсетинде:

1.Мәденият министрлиги, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги, Мектепке  шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги, Жазыўшылар аўқамы, Илимлер академиясы, Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы, Жаслар ислери агентлиги ҳәм жәмийетшилик ўәкиллериниң 2025-жылы Түркстан  жадидлик ҳәрекетиниң тийкарын салыўшысы, атақлы жазыўшы ҳәм жәмийетлик ғайраткер, дөретиўши ҳәм педагог Маҳмудхожа Беҳбудийдиң туўылған күниниң 150 жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.

  1. Маҳмудхожа Беҳбудийдиң туўылған күниниң 150 жыллығын белгилеў бойынша шөлкемлестириў комитети (кейинги орынларда – Шөлкемлестириў комитети) қосымшаға муўапық қурамда дүзилсин.
  2. Шөлкемлестириў комитети (А.Арипов) еки ҳәпте мүддетте Маҳмудхожа Беҳбудийдиң туўылған күниниң 150 жыллығын белгилеў бойынша әмелге асырылатуғын илажлар бағдарламасын тастыйықласын.

Бул  бағдарламада төмендеги мәселелерге айрықша итибар қаратылсын:

ойшыл жазыўшының «Таңланған шығармалар» топламы, оның өмири ҳәм жумысына бағышланған илимий-ғалабалық китапларды  баспаға таярлаў ҳәм басып шығарыў;

Маҳмудхожа Беҳбудий ҳаққында спектакльлер  сахналастырыў ҳәм бүгинги күнге шекем жаратылған «Маҳмудхожа Беҳбудий» киносериалы ҳәм «Халық жүреги» көркем-публицистикалық фильмлердиң ғалабалық көрсетиўлерин шөлкемлестириў;

Көркем өнер академиясының Орайлық көргизбелер залында Маҳмудхожа Беҳбудийдиң өмири ҳәм дөретиўшилиги, сондай-ақ, Түркстан жадидлик ҳәрекети ғайраткерлериниң жумысына байланыслы сүўретлеў  шығармаларының көргизбесин шөлкемлестириў;

улыўма  орта билимлендириў мәкемелери, дөретиўшилик мектеплериниң оқыўшылары, «Темурбеклер мектеплери» курсантлары ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелериниң студентлери арасында «Маҳмудхожа Беҳбудий сабақлары» темасында эссе таңлаўын өткериў ҳәм жеңимпазларын мүнәсип сыйлықлаў;

барлық буўындағы  билимлендириў мәкемелери, китапханалар, мийнет жәмәәтлери, мәҳәллелер ҳәм әскерий бөлимлерде белгили илимпазлар ҳәм жазыўшылардың қатнасыўында Маҳмудхожа Беҳбудийдиң өмири ҳәм дөретиўшилигине  бағышланған дөретиўшилик ушырасыўлар, әдебий ҳәм китапқумарлық кешелерин шөлкемлестириў;

заманагөй санлы ҳәм үгит-нәсиятлаў технологиялары тийкарында Маҳмудхожа Беҳбудийдиң шығармаларын жаслар арасында кеңнен ен жайдырыў;

2025-жыл октябрь айында Шараф Рашидов атындағы Самарқанд мәмлекетлик университетинде «Маҳмудхожа Беҳбудийдиң мийрасы ҳәм жадидлик ҳәрекетин үйрениўдиң әҳмийетли мәселелери» темасында халықаралық илимий-әмелий конференция шөлкемлестириў;

2025-жыл ноябрь айында Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан мәмлекетлик академиялық үлкен театрында  Маҳмудхожа Беҳбудийдиң туўылған күниниң 150 жыллығына бағышланған салтанатлы әдебий- ағартыўшылық еслеў кешесин өткериў;

Самарқанд қаласындағы Маҳмудхожа Беҳбудий үй-музейиниң  аймағын  абаданластырыў ҳәм музей экспозициясын байытыў;

Қаршы қаласындағы көшелерден бирине Маҳмудхожа Беҳбудийдиң атын бериў ҳәм оған бағышланған естелик тақтасын орнатыў;

Интернет  ҳәм  социаллық тармақлар ушын мөлшерленген аудиовизуал шығармалар дөретиў, сондай-ақ, ғалаба хабар қуралларында дүркин материалларды жәриялаў.

Шөлкемлестириў комитетине Маҳмудхожа Беҳбудийдиң  туўылған күниниң 150 жыллығын белгилеў  шеңберинде өткерилетуғын илажларды жоқары дәрежеде шөлкемлестириў, усы қарарға тийкарланып белгиленген илажлардың өз ўақтында, сапалы ҳәм толық  әмелге асырылыўын муўапықластырып барыў ўазыйпалары жүкленсин.

  1. Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Өзбекстан Журналистлер аўқамы, Өзбекстан Миллий медиа бирлеспеси ҳәм басқа ғалаба хабар қуралларына Маҳмудхожа Беҳбудий туўылған күниниң 150 жыллығын белгилеўге байланыслы илажларды кеңнен сәўлелендириў усыныс етилсин.
  2. Усы қарарда нәзерде тутылған илажларды әмелге асырыў менен байланыслы қәрежетлер шөлкемлестириўшилерге Мәмлекетлик бюджеттен ажыратылған қаржылар шеңберинде, олардың бюджеттен тысқары қаржылары ҳәм нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа дереклер есабынан қаржыландырылады.
  3. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Арипов ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Социаллық раўажланыў департаментиниң басшысы О.Қ. Абдурахмановқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы Президенти

Ш.Мирзиёев

Ташкент қаласы,

2024-жыл 27-декабрь