«Аўыл хожалығы майданларындағы қосымша имканиятлардан пайдаланған ҳалда өним жетистириўди көбейтиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди.
Қарарға муўапық, атыз шетлери ҳәм халықтың қыйтақ жери, шаңарақлар ҳәм көп қабатлы жайлардың алды, мәҳәллениң ишки көшелеринде аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў системасын жетилистириў бойынша төмендеги жаңа тәртип енгизиледи:
аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўди шөлкемлестириў бойынша:
– Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлигине атыздың шетлеринде ҳәм халықтың қыйтақ жери, шаңарақлар ҳәм көп қабатлы жайлардың алды, мәҳәллениң ишки көшелеринде өним жетистириў, аўыл хожалығы субъектлерине туқым ҳәм нәллер жеткерип бериў ҳәм жетистирилген өнимлерди экспортқа бағдарлаўды шөлкемлестириў ўазыйпасы жүкленеди;
– Агентлик жыл даўамында дәраматлы егинлер егиў ҳәм оларды экспорт етиў ушын мийўе-овощ өнимлерин экспорт етиўши исбилерменлердиң талапларын үйренеди.
атыз шетлеринен нәтийжели пайдаланған аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўшилерди қоллап-қуўатлаў бойынша:
– ишки фитосанитария сертификаты бир жыл даўамында бийпул бериледи;
– атыз шетлерине егилген «in-vitro» усылында жаратылған мийўели сабылған нәллерди сатып алыў қәрежетлериниң 50 проценти муғдарында, бирақ ҳәр бир мийўели сабылған нәлге 25 мың сумнан артпаған ҳалда Агросанаатты раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик мақсетли қорынан белгиленген тәртипте субсидия ажыратылады.
ӨзА