Кеше Қазақстанда үлкен жол-транспорт ҳәдийсеси жүз берди. Kazinform «КазАвтоЖол» миллий операторына сүйенип хабар бериўинше, 95 машинаның соқлығысыўы бақланған.

– 2025-жылдың 3-январь күни саат 07:20 да жүдә қолайсыз ҳаўа-райы себепли миллий автомагистралдың Астана – Петропавловск бөлиминде барлық түрдеги автотранспорт қураллары ҳәрекетине шеклеў енгизилди. Түске жақын күн ашылып, жол тазаланғаннан кейин, ишки ислер хызметкерлери ҳәм арнаўлы техника менен биргеликте Шучинск қаласына қарай ҳәрекет жолға қойылды.

Дәслепки мағлыўматқа бола, айдаўшылар белгиленген тезлик ҳәм аралық қәўипсиз аралық қағыйдасына әмел етпеген. Нәтийжеде магистралдың 153-километри – Жанаталап аўылы жақынында онлаған машиналар бир-бирине соқлығысқан.

Ўақыя орнында полиция хызметкерлери ҳәм «КазАвтоЖол» қәнигелери ислеп атыр.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги