Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 18-ноябрьдеги «Балалардың дем алысын системалы шөлкемлестириў ҳәм саўалландырыў жумысларын және де жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 27-февралдағы 84-санлы «Балалардың дем алысын шөлкемлестириў ҳәм саўалландырыў жумысларын және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарында, мектеп оқыўшыларының дем алысы (жазғы, гүзги, қысқы ҳәм бәҳәрги) дәўиринде шөлкемлестирилиў илажлары белгиленген.

Усы қарардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, 2025-жыл 2-9-январь күнлери Мойнақ районындағы «Ақ кеме» балалар саўалландырыў орайында мектеп оқыўшыларының қысқы дем алысын мазмунлы өткериў, оларды Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў мақсетинде, 7 күнлик бир смена шөлкемлестирилди.

– «Ақ кеме» балалар саўалландырыў орайына оқыўшылардың қысқы дем алысын мазмунлы өткериўи ушын республикамыз бойынша 158 бала қамтып алынды,-дейди Балалардың дем алыўын ҳәм саўалландырыўын шөлкемлестириў департаментиниң Қарақалпақстан басқармасы баслығы  Сәтбай Өтеўлиев.- Бунда Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан кеңесиниң қоллап-қуўатланыўы менен кеңестиң түрли тараў, комитет, бирлеспелеринен кәсиплик аўқамлары ағзаларының перзентлери жиберилген болса, буннан тысқары коммерциялық жолламалар реализацияланып, қәлеўши пуқаралардың перзентлери жиберилиўи тәмийинленди.

Балалар заманагөй автобусларда шыпакер, мийирбийке ҳəм жуўапкер бақлаўшылар бақлаўында қәўипсиз түрде дем алыў орайына жеткерилди. «Ақ кеме» дем алыў орайы жəмəəти оларды байрамға сай тəризде күтип алып, арнаўлы бөлмелерге жайластырды.

Дем алыў орайында балалар ушын бир ҳәпте даўамында түрли қызықлы мәдений ағартыў илажлары, интеллектуаллық ойынлар ҳəм спорт жарыслары өткериледи.

Бул илажлар балалардың хәр тəреплеме раўажланыўына жəрдем береди, деп ойлаймыз.

Адилбай Оразов, Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы