Өзбекстанлы мийнет мигрантлары Әзербайжан мәмлекетинде ислеў, жасаў ҳәм өз шаңарағын алып келиў ушын қызығыўшылық билдире баслаған.
Әзерба йжан статистикалық мағлыўматларына бола, кейинги 10 жыл ишинде мәмлекетте Әзербайжан пуқаралығын алған өзбекстанлылардың саны 60 мыңнан өткен. Бул ҳаққында «Migranto» басылымы хабар берди.
Мағлыўматларға бола, Әзербайжанда туўылыў көрсеткишлериниң төменлиги мәмлекетте және де көбирек мийнет мигрантларын, атап айтқанда, ерлер ҳәм ҳаялларды қурамақта. Әсиресе, өндирис ҳәм туризм тараўларында әпиўайы жумысшы күшине талап жоқары дәрежеде.
Статистикалық мағлыўматларға итибар қарататуғын болсақ, 2030-жылға барып Әзербайжанда өзбек миллети бир неше мәрте көбейиўи ҳәм мәмлекеттиң улыўма халқының 3 процентин қураўы мүмкин, делинеди хабарда.
Қарақалпақстан хабар агентлиги