(Гүрриң)

Ахметтиң өмир жолы бир тегис кетип атыр еди. Тилекшиси анасы алдында аман, шаңарағынан кеўли тоқ, қолында айлықлы жумысы. Көргенли, өнип өскен шаңарақтың баласы деп ҳәмме сыйлайды. Өзи де жас үлкенди ҳүрметлеп, жас кишиге зийнет көрсетип бәрқулла ҳәммениң кеўлинен шығып жүреди. Лаўазымлы жумысы себепли дос яран, ағайинди арттырып, барыс-келисте де бәрқулла келиншеги екеўи шақырықтан қалған емес. Тап жумыста еңсесине көп ақша түсип, судланып кетемен дегенше оның ҳүрмети жайында еди. Әттең, оның өмириндеги үлкен бурылыс сол ўақыттан баслап басланды…

Қараңғы өжире. Кишкене форточкадан түсип турған қуяш нуры бир ханада жатырған он бир адамға жетпес еди. Ызғар, сасық бәд ийис кеўлиңди айнытып, мийиңди айландырады. Асханасы да, ҳәжетханасы да бир жерде жайласқан бул ханаға түсиўди ҳеш кимниң де маңлайына жазбағай. Еки күннен берли «не айыбым болды, қай жерде алжастым,  ҳеш кимниң ҳақысын жеген жоқ едимғо», деп күшли руўхый азапты басынан өткерип атырған Ахмет ушын бул хананың қандай аўҳалда екенлиги де қызықтырмады. Қасындағылар күндеги берилген азырақ аўқатты жеп, өз-ара сөйлесип, өзлери менен өзлери әўере болып атыр. Буның болса бир қултым суўдан басқа нәрсе тамағынан өтпеди.

-Статьяң қандай? Не гүлли гүнә ислеп едиң, бул жердесең?,-деди оны сораўға тартып, тәғдирине  қызықсынған орта жаслардағы тапалтас киси оны сол күни-ақ сораўға тартып. Тезирек жуўап бере қоймаған Ахметке абай-сиясат еттиме оған жаман көзи менен қарап қойды да татировка бастырып таслаған қолларын айқастырып, көзиниң астынан қарап жуўабын күтип отырды.

Ахмет ҳеш нәрсе айтқысы келмеди.  Бираз ойланып отырды. Соң:

-Мойныма ақша түсти. Бир мәкемеде баслық едим аға.

Ахметтиң гәпинен соң жаңағы киси ўа-ҳа-ҳалап күлип жиберди. Оған қосылып қасындағылар да күлди.

-Айтпасаңда билемиз. Сен ҳаққында қашшан хабар тапқанбыз,-деди ол күлкисин тыйып. Не бар еди сонда кисиниң ҳақысын жей берип. Жеме. Жесеңде азырақ же. Көп жесең усындай болып түйилип қаласаң.

-Яғаў аға менде айып жоқ. Мына документация маселелеринде алжасық болдыма, билмедим аға.

-Ҳәмме сондай дейди. Ҳәммеси де жеседе жемедим дейди. Енди не болсада мийнетиң аңсат болсын ғошшым. Келгениңнен берли бақлап отырман, итибарлы, тынық жигит екенсең. Егер барлығын ишиңе салып қайғыра берсең бул жердеги бир күниң бир жылға татыйды. Қыйналма. Ҳақ болсаң шығасаң. Мениң де сендей иним бар еди, соның себебинен усы жердемен. Енди сенде мениң бир инимсең. Ҳеш нәрседен қорықпа. Мен бар жерде саған ҳеш қайсысы тийе алмайды.

Еле түрмехананың «заң-законларына» түсиниспей, тек ғана өзиниң тәшўиши менен бәнт болып отырған Ахметке ол жердеги жағдайлар үш күннен соң анық билине баслады. Ким күшли болса соның гәпи гәп болатуғын ол жерде биреў-биреўди аяў деген нәрсе жоқ. Тамағыңды дәрриў ишпесең, сол күни аштан қалдым деп есаплай бер.  Еки күннен берли ас татпаған Ахмет енди өзиниң аш  екенлигин сезинип баслады. Еки күннен берли буның қол урмаған тамағын алдынан алып, жеп жүрген қара қатпадан келген жигит оның қорғаўшы ағасына бир қарап енди алайын деп қолын созып атырғанда бир тепки жеди.

-Тарт қолыңды. Әкеңниң… Енди қасына жақынлап көр ана бақырайған көзиңди ойййыыып аламан. Бүгин инимниң өзи жейди аўқатын,-деп оны қорғаўшы ағасы қайырқомлық етти. Кейнинен билсе, ағасын ол жерде ҳәмме «Атаман Боря» деп сыйлайды екен. Бир гәп пенен айтқанда сол жердегилердиң «баслығы» екен. Суп-суйық перловака сорпаны ишип отырып ол  өзиниң аш болғанын сонда ғана сезинди. Үйдегилерин ойлады. Анасы, туўысқан-туўғанлары, Айпаршасын, улы-қызын ойлады. Олар не қылып атыр екен. Ҳәзир қандай аўҳалда екен. Ҳақтан жанып, жыл алып кетип атырғанында судқа қатнасып отырған анасының дос-душпанлар ортасында өзин мәрдана тутып, дәрти өзине жетип, перзентине қыйналып турса да сыр бермей, қәддин тик услағаны «балам ҳәр қашанда өзгелер алдында өзиңди пәс тутпа. Ким дос, ким душпан екенлигин басыңа ис түскенинде билесең. Аўзыңа қан толып турса да душпанлар алдында түкирме», деген сөзлери ядына түсти. Жағдайымды көрип турып, өзиңизди мәрдана туттыңыз-аў. Билемен, үйге барып, бир ханада отырып, иштеги ҳәўириңизди сыртқа шығарып дат салып жылаған шығарсыз-аў. Аўырып қалмадыңызба Анажан»,-деген ойлар жетегинде түскинликке түсти. Суўып муздай болып қалған аўқатты мейли тарпаса да ишкен болды. «Ҳәзир олар не жеп, не ишип атыр екен. Бәрқулла азық-аўқатлар менен музлатқышты толтырып қоятуғын едим. Мен қамаққа түскенимнен соң үйдеги затлардың бәри хатлап алынған, олардың жағдайы не кешип атыр екен». Усындай ойлар менен оның таңы атып, күни жуўмақланар еди. Соның менен-ақ, бир айдан аслам ўақыт өтти.

-Есапшыңызды басқа жаққа қамаптығо. Барлық бәле соннан келип отыр негизи. Сизде итибарлы болып қойыўыңыз керек еди қол қойған ўақтыңызда,-деди изинен хабар алыўға келген ҳаялы оның менен ушырасыў пайытында.

-«Алдырар күни жаздырар» дегениндей, бир шайтан араласты. Болмаса ишкен-жеген ҳеш нәрсем жоқ.

-Соны айтаманда ағасы. Тек жазықсыз жанып кеттиңиз. Көретуғын мийнетиңиз бар шығар. Қуда қалесе бәринен шығысамыз. Биргеликте бул қыйыншылықларды жеңемиз.

-Қуда қалесе. Өзлериңиздиң жағдайларыңыз қалай. Апам қалай, аўырып қалмай аман отырма. Баллар оқып атырма. Өзиң жақсысаңба?

-Шукир жақсымыз. Баримиз аманбыз.  Енем де жақсы. Сизге сәлем айтып жиберди.

-Өзи неге келмеди?  Егер жақсы болса келиўи керек едиғо.

Енесиниң судтан соң қан басымы көтерилип, реанимацияға түсип қалғанлығын Айпарша күйеўине айтқысы келмеди. Оның уўайымлап түскинликке түсип қалыўын қәлемеди. Жасырды.

-Енем жақсы. Балларға қарап қалды. Сизлер Айқыз екеўиңиз барып келеғойың, мен ендигиде барарман, деди… деп жумсартып қояғойды. Бирақ, ол өтирик сөйлеўди келистире алмас еди. Көзлери сездирип қояды оның. Оған Ахмет те исениңкиремеди. Себеби, анасы перзентлери ушын жанын қалхан етип, қай жерде болса да жетип баратуғынын биледи ол.

Сол жатыстан еки ярым жылды санап берип, жақсы минез қулқы ушын ол мүддетинен алдын түрмеден азат етилип, үйине қайтып келди. Ол бурынғы Ахмет емес еди. Тип-тик тутатуғын бойы азғынлықтанба тәўирақ ийилген. Түскинликке түсип, барлық нәрседен үмитин үзген көринисинен шоқ минезли жигиттен наўа да қалмаған. Ашыўшақ, турпайы адамға айланған. Қап-қара шашлары аппақ түске енип, жасын да бираз үлкейтип көрсетип тур. Анасы пақыр инсультты басынан өткергеннен соң, төсекке жатып қалған еди.   Перзентин көрип Ана пақыр қуўаныштан  оны баўырына басып, узақ жылады.

-Анажан жыламаң. Бәри жақсы болады. Еле жақсы болып кетесиз. Аяққа турасыз.  Сизди қәлеген жерге қыдыртаман. Ақлықларыңыздың тойларын көрип, узақ жасайсыз.

Жыллар өтти. Зымырап өткен ўақыт араға он бир жылды салды. Ахмет жеке фирма ашып, исбилерменлик  жумысын баслады ҳәм  хожалық жағдайын тикледи. Анасын емлетип, аяққа турыўына себепши болды. Басынан дәўлети тайып, исли болып кеткен ўақтында буннан қол үзип кеткен жора-жолдаслары және есигин ашып келе баслады. Бирақ Ахметтиң олардан кеўли суўыған еди.

Бир күни ол қолындағы бир бет қағазды алып, үйине қуўанышлы кирип келди.

-Анажан, қаяқтасыз. Қаяқтасыз Анажан. Мен ақландым. Мениң исим қайта судта көрип шығылып, мен пүткиллей ақландым.

-Не дейди шырағым. Ақландым дегениң не. Не болды балам.

-Аўа апа. Мен бурынғы исимди қайта көрип шығыўы ушын қайт-қайта шағым еткен едим. Мине ҳақыйқат бар екен. Он бир жылдан берли нызамға қаншама өзгерислер киргизилди. Мен пүткиллей айыпсыз болып шықтым.

-Ҳаў қулыным, жаным балам. Оң болсын. Талабың оңына баслағай. «Ҳақыйқат майысады, бирақ сынбайды» дегени расғой. Жақсы болған екен,-деп баласын аймалап сүйип атырған енесин Айпарша да қушақлап қуўаныштан жылап жиберди.

-Аўа. Мен енди қайтадан жумыс орныма тикленетуғын болдым. Он бир жылдан берли айлық ис ҳақыларым төлеп берилетуғын болды. Мен сол айлықларма Анажаным Сизди емлетип, Ҳажы зияратына алып бараман.

-Рахмет балам. Таңири жарылқасын. Түбиң бир, шақаң мың болғай. «Жигит басы ғаўғалы болар»,  дегенғой балам, ғаўғадан басыңның шыққаны рас болғай. Ҳеш бир Ана перзент тәшўиши менен аўырмағай.

Гүлнара Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги