Қоңырат районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында 2025-жылда халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелерине бағышланған оқыў семинары болып өтти.
Оған Қоңырат, Мойнақ, Қанлыкөл, Шоманай районларының мәҳәлле жетиликлери менен тийисли тараў ўәкиллери қатнасты.
Семинарда Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министриниң орынбасары А.Қайраддинов, Орайлық банктиң Қарақалпақстан Республикасы бас басқармасының қәнигеси А.Азатовлар аймақларды раўажландырыў бойынша экономикалық комплекс тәрепинен әмелге асырылатуғын ўазыйпалар, “Драйвер” жойбарларды анықлаў ҳәм Қытай мәмлекетиниң тәжирийбесин ен жайдырыў бойынша берилген тапсырмалар туўралы мағлыўматлар берип, мазмун-әҳмийетине кеңнен тоқтап өтти.
Сондай-ақ, “Мәҳәлле жетилиги” тәрепинен кәмбағал шаңарақлар ҳәм жумыссызлардың дизимин қәлиплестириў, мийнет миграциясынан қайтқан пуқараларды турақлы түрде мониторинг етиў ҳәм оларды дәраматлы мийнет пенен бәнт етиў бойынша түсиндириў жумыслары алып барылды.
Қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги