Мәмлекетимизде алкоголь ҳәм темеки базарын тәртипке салыў, алкоголь ҳәм темеки өнимлериниң айланысы тараўындағы мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыўға қаратылған системалы жумыслар әмелге асырылмақта.
Соның менен бирге, Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти жанындағы Алкоголь ҳәм темеки базарын тәрипке салыў инспекциясының жумысы жетилистирилгени мүнәсибети менен оның ўәкилликлерин нызам ҳүжжетлеринде анықластырыў зәрүрлиги пайда болмақта.
Сенаттың Бюджет ҳәм экономикалық мәселелер комитети мәжилисинде усы ҳаққында сөз етилди.
Онда «Алкоголь ҳәм темеки базарын тәртипке салыў системасы жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам дәслепки тәризде көрип шығылды.
Соның ушын бул нызам менен «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы, «Лицензиялаў, руқсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары ҳаққында»ғы ҳәм «Алкоголь ҳәм темеки өнимлериниң тарқатылыўын ҳәм пайдаланылыўын шеклеў ҳаққында»ғы нызамларға усы Инспекцияның ўәкилликлерин белгилеўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.
Пайдаланыў ҳәм техникалық этиль спирти, алкоголь өнимлерин ислеп шығарыў, алкоголь өнимлериниң көтере саўдасы жумысына берилген лицензия ушын жыллық мәмлекетлик бажы төлеўдиң мүддети белгиленбекте.
Нызам сенаторлар тәрепинен тийисли министрлик ҳәм уйымлардың ўәкиллери, экспертлер ҳәм жергиликли Кеңеслердиң турақлы комиссиялары менен биргеликте ҳәр тәреплеме ҳәм толық көрип шығылды.
Мәжилисте Салық, Бажыхана комитетлери ҳәм Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти жанындағы Алкоголь ҳәм темеки базарын тәртипке салыў инспекциясының мәлимлемелери де тыңланды.
Мәжилис жуўмағында комитеттиң тийисли қарары қабыл етилди.
Н.Абдураимова, ӨзА