Өткен жылдың ноябрь айында Орайлық банк бир физикалық тәрепке карталары санын бир банкте 5ке шекем белгилеў мәселеси көрилип атырғаны ҳаққында хабар берген еди.

Spot басылымының өз дереклерине сүйенип жазыўынша,  Орайлық банк бул бағдарда 2025-жылдың 1-январынан 31-декабрине шекем әмел ететуғын жаңа тәртибин тасыйықлады, яғный, ендигиден былай бир пуқараға ажыратылатуғын банк карталарының саны 20 ға шекем шекленеди.

Атап өтилиўинше, бул ўақытша тәртипке бола, енди банклер тәрепинен бир пуқараға (бир ФШЖИНға) эмиссияланатуғын карталар саны бир банкте 5 ке шекем, барлық банклерде болса 20 ға шекем шекленеди.

Онда бул талап виртуал ҳәм кобейджинг карталарын да өз ишине алады, бирақ сырт ел валютасында ашылған карталарға енгизилмейди.

Атап өтилиўинше, бул «банк карталары менен байланыслы гүманлы (фрод) операциялардың алдын алыў, алдаўшылық схемаларында физикалық тәреплерге тийисли есапбетлер ҳәм банк карталары қатнасыўын азайтыў мақсетлери» менен байланыслы.

Буннан тысқары, Орайлық банк коммерциялық банклерге физикалық тәрептиң банк карталарында (соның ишинде, виртуал картасында) 12 ай даўамында ҳеш қандай әмелият орынланбаған болса, бул қарталарды блоклаў ҳәм карта ийесине хабар бериў ўазыйпасын де жүклегени айтылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентиги