Өзбекстанда жаңа технологияларды енгизиў ҳәм кадрлар таярлаў мәселелеринде халықаралық бирге ислесиўге айрықша итибар қаратылып атырғаны бәршемизге белгили. Соның ишинде, күни кеше «Өзэлтехсанаат» ассоциациясы басшылығы Қытайдың ири “Jezetek” компаниясы ҳәм “Sichuan Technical” колледжи ўәкиллери менен ушырасыў өткерди.
Сөйлесиў даўамында кабель-сым өнимлерин ислеп шығарыў, альтернатив энергетика тараўында кадрлар таярлаў, олардың маманлығын арттырыў ҳәм оқыў бағдарламаларын ислеп шығыў сыяқлы әҳмийетли мәселелер додаланды.
Сөйлесиўлер даўамында Қытай тәжирийбесин Өзбекстанда енгизиў, еки мәмлекет қәнигелери арасында билим ҳәм көнликпе алмасыўын жолға қойыў бойынша усыныслар билдирилди. Соның ишинде, “Eltech-malaka” оқыў орайының жумысы ҳаққында қытайлы бирге ислесиўшилерге толық мағлыўмат берилди. Буннан соң, усы орай базасында Қытайдан келген қәнигелердиң қатнасыўында оқыў курсларын шөлкемлестириў ҳәм тараў инженер-технологларының Қытайдағы ири компанияларда қысқа мүддетли әмелият өтеўин тәмийинлеў бойынша келисимге ерисилди.
Ассоциация мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, тәреплер бул ушырасыўды Өзбекстан ҳәм Қытай арасындағы бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет ететуғыны ҳаққында бир пикир билдирген. Әсиресе, кадрлар таярлаў ҳәм инновациялық қолланбаларды енгизиў тараўындағы тәжирийбе алмасыў перспективалы бағдарлардан бири болып есапланады.
Басламалар әмелиятқа енгизилсе, тек ғана өндирис потенциалы емес, ал тараўдағы профессионал қәнигелер базасы де кеңейеди.
Н.Зиёдуллаева таярлады, ӨзА