Мәмлекеттиң раўажланыўында экспортқа шығарылатуғын өнимлер тийкарғы орынды тутады. Бунда мәмлекет тәрепинен экспорт етиўши кәрханаларға берилип атырған жеңилликлер себепли өндиристе жақсы нәтийжелерге ерисилмекте.
Бундай илажлар Беруний районында да даўам етип, экспортёр кәрханаларға 2025-жыл даўамында жақыннан жәрдем бериў, өнимлерди экспортқа шығарыўға көмеклесиў мақсетинде район ҳәкиминиң орынбасары Ш.Кенжаев пенен Саўда-санаат палатасы районлық бөлиминиң баслығы Б.Алимов тәрепинен үйренилди. Шимом АПЖ аймағындағы «Алаўаддин гүнжи» ЖШЖ кәрханасы тәрепинен гүнжи өнимин экспортқа жибериў жағдайы таяр ҳалға келтирилген. Алдынғы жылларда Пакистан менен Аўғанстан мәмлекетлерине бул өнимлер экспорт етилген болса, быйылғы жылы сыртқы базардан қосымша шериклер менен бирге ислесиў бойынша мәселелер көрип шығылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги