Олий Мажлис Нызамшылық палатасының мәжилисинде жер участкаларынан пайдаланыў тәртибин және де жетилистириўге қаратылған нызам жойбары екинши оқыўда додаланды.
Бүгинги күнде жер ҳәм қала қурылысы нызамшылығы талапларына әмел етиў мақсетинде жер участкаларының пайдаланыў мақсетин анықластырыў, жер участкалары пайдаланыўшылары, ижарашылары ҳәм мүлк ийелериниң жер участкаларынан руқсат етилген пайдаланыў түрлери бойынша хабардарлығын арттырыў зәрүрлиги пайда болмақта.
Көплеген исбилерменлик субъектлери ҳәм пуқаралар бир жумыс түрин әмелге асырыў ушын алынған жер участкаларынан пайдаланыў түрин руқсатсыз өзгертип, жер ҳәм қала қурылысы нызамашылығы талапларына қарсы түрде басқа мақсетлерде пайдаланыў жағдайлары ушыраспақта. Соған бола, нызамшылықта жер участкаларынан руқсат етилген түрлерин белгилеў ҳәм оннан жер участкалары пайдаланыўшылары, ижарашылары ҳәм мүлк ийелери хабардар болыўын тәмийинлеў нормаларын енгизиў зәрүрлиги пайда болмақта.
Олий Мажлис Нызамшылық палатасының мәжилисинде екинши оқыўда додаланған жер участкаларынан пайдаланыў тәртибин және де жетилистириўге қаратылған нызам жойбары усы мәселеге қаратылған.
Атап өтилгениндей, нызам жойбарында 3 кодекс ҳәм 5 нызамда жер участкаларынан руқсат етилген пайдаланыў системасын енгизиў, оларды белгилеў ҳәм өзгертиў тәртиплери белгиленбекте. Қалаберди, халықтың көп санлы усыныс ҳәм наразылықлары инабатқа алынған ҳалда пуқаралар тәрепинен турақ жайларға болған ҳуқықларын мәмлекетлик дизимнен өткериў ушын өз ўақтында мүрәжат етпегенлик бойынша белгиленген жуўапкершилик жеңиллестирилмекте, яғный жәрийма муғдары азайтылмақта.
Нызам жойбарының қабыл етилиўи келешекте жер участкаларынан руқсат етилген пайдаланыў түрлери белгилениўине ҳәм буннан жер участкалары пайдаланыўшылары, ижарашылары ҳәм мүлк ийелери хабардар болыўына, жер ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм басқарыў нәтийжелилигин арттырыў, жер участкаларынан пайдаланыў процесинде жер ҳәм қала қурылысы нызамшылығы арасындағы қатнасықларды тәмийинлеўге хызмет етеди. Итибарлысы, мәмлекетлик жер ҳәм қала қурылысы кадастрларын жүргизиў тәртибин жетилистириў ҳәм турақ жайға болған ҳуқықын өз ўақтында мәмлекетлик дизимнен өткермеген пуқараларға ҳәкимшилик жуўапкершилик жеңиллестирилиўине ерисиледи.
Муҳтарама Комилова, ӨзА