Бәсекини раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў комитетиниң хабар бериўинше, мәдений тарийхый естеликлерге сыртқы реклама баннерлерин, түрли өлшемдеги билбордларды орнатыў, оларға шеге қағыў, сымлар менен илдириў ҳәм басқа усыллар менен орнатып, оған зыян жеткерип атырған жағдайлар ушырасып турады.

Өзбекстан Республикасы «Реклама ҳаққында»ғы Нызамының 26-статьясында, сыртқы реклама ҳәм мәлимлеме объектлерине (конструкцияларына) тийисли тийкарғы талаплар белгилеп берилген. Оған бола, материаллық мәдений мийрас объектлеринде сыртқы рекламаны жайластырыў қадаған етиледи. Бул норма әсирлер даўамында әўладтан-әўлатқа өтип киятырған тарийхый имаратларды қәстерлеп сақлаў мақсетинде беккемленген.

Усы тараўға тийисли Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилген болып, оған бола, материаллық мәдений мийрас объектлерин қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў қағыйдаларын бузаў ҳәм мәмлекетлик қорғаўға алынған материаллық мәдений мийрас объектлерин набыт етиў, бузыў яки оларға зыян жеткериў бойынша жуўапкершилик илажлары күшейтилген.

Бәсекини раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў комитети тәрепинен бундай нызамбузыўшылықлардың алдын алыў мақсетинде үйрениўлер өткерилип келинбекте. Сондай-ақ, исбилерменлер ҳәм халық арасында «Реклама ҳаққында»ғы Нызамның мазмун-мәнисине бағышланған үгит-нәсият илажларын турақлы түрде шөлкемлестирип келмекте, делинеди хабарда.

Қарақалпақстан хабар агентлиги