Енди зорлық-зомбылықтан жәбирленген ҳаял-қызлар my.gov.uz порталы арқалы «Қорғаў ордери»н алыў ушын онлайн арза тапсырыўы мүмкин.

Мүрәжат профилактика инспекторларына берилген ўақыттан баслап 24 саат ишинде көрип шығылады.

Қорғаў ордери зорлық әмелге асырған шахсқа бир қатар шеклеўлер қояды. Оған: зорлық-зомбылық әмелге асырыўды қадаған етиў; зорлық ислеўшиниң жәбирлениўши менен байланысын қадаған етиў; жәбирлениўши ҳәм зорлық ислеўшиниң бир ханада болыўын қадаған етиў; зорлық ислеўшиге жәбирлениўшиниң емлениў, жеткерилген материаллық ҳәм руўхый зыянды қаплаў миннетлемелерин жүклеў, зорлық ислеўшиниң қурал сақлаў ҳәм алып жүриў ҳуқықын шеклеў сыяқлылар киреди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги