Әдиллик министрлиги тәрепинен ўәкилликли уйымлардың көрсетип атырған мәмлекетлик хызметлери турақлы түрде мониторинг етилмекте. Анықланған нызамшылық бузылыўы жағдайлары бойынша ҳәкимшилик жаза илажлары қолланылмақта.

Атап айтқанда, Халықаралық имтихан системалары бойынша жоқары балл (дәреже) алған жасларға оқыў ҳәм имтихан қәрежетлерин толық қаплап бериў бойынша мәмлекетлик хызмет мониторинг етилди.

Мониторинг процесслеринде имтихан системалары бойынша жоқары балл (дәреже) алған 309 жасқа имтихан тапсырыў қәрежетлери қаплап берилмегени анықланды.

Сол себепли, Жаслар ислери агентлигине имтихан тапсырыў қәрежетлерин ҳәкимшилик регламентине муўапық толық қаплап берилиўин тәмийинлеў бойынша усыныс киргизилди.

Бул усыныстың орынланыўы нәтийжесинде жәми 132 жастың 236 миллион 850 мың сум муғдарындағы имтихан тапсырыў қәрежетлери толық қаплап берилиўи тәмийинленди.

Бүгинги күнде ўәкилликли уйым тәрепинен қалған 177 жастың имтихан тапсырыў қәрежетлерин қаплап бериў бойынша тийисли илажлар көрилмекте.

Соның менен бирге анықланған нызамбузылыўы жағдайлары бойынша Жаслар ислери агентлиги жуўапкер хыметкерлери ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылды.

Н.Абдураимова, ӨзА