«Pasport Index» халықаралық паспорт беккемлиги рейтинги жәрияланды. Ол 96 мәмлекет арасында дүзилген болып, Өзбекстан 68-орынды бәнт еткен.

Дүнья паспортлары рейтинги пуқаралардың түрли мәмлекетлерге визасыз яки әпиўайыластырылған тәртипте кириў имканиятларына тийкарланады. Бул рейтинг нәтийжелерине бола, ең күшли паспорт Бирлескен Араб Әмирликлери (БАӘ) пуқараларына тийисли. Олар 133 мәмлекетке визасыз, және 47 мәмлекетке визаны келгенде алыў арқалы кириў имканиятына ийе.

Сирияның паспорты болса дүньядағы ең әззи паспорт сыпатында атап өтилген. Бул мәмлекеттиң пуқаралары тек ғана 9 мәмлекетке визасыз кириўи, және 31 мәмлекетке келгенде визаны алыў имканиятына ийе.

Өзбекстан пуқаралары 29 мәмлекетке визасыз барыўы, 46 мәмлекетке барғанда виза рәсмийлестириўи, үш мәмлекетке болса алдыннан рухсатнама менен барыўы мүмкин. 120 мәмлекетке барыў ушын улыўма белгиленген тәртипте кириў визасы талап етиледи.

Өзбекстан паспорты дүнья рейтингинде еки текше көтерилди, улыўма көрсеткиш болса 73 тен 78 ге жетти. Соның ишинде, 2024-жылы БАӘ, Таиланд, Оман, Пакистан менен визасыз режим енгизилди, сондай-ақ, Қытай менен әмелге асырылыўы режелестирилген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги