Абдуқодир Ҳусановқа «Реал Мадрид» клубы да қызығыўшылық билдирмекте. Бул ҳаққында «Fichajes» басылымы хабар бермекте.
Дәрекке бола, «Реал Мадрид» ушын бәсекиге шыдамлы орайлық қорғаўшыны қурамына қосыў жүдә әҳмийетли мәселе болып қалмақта. Сол себепли клуб трансфер базарында Карло Анчелотти командасын күшейте алатуғын футболшыны излемекте. Бул ўазыйпаны клубтың бас скауты әмелге асырыў нийетинде.
Defensa Central мағлыўматларына бола, skaut Хуни Калафат дыққат орайында 20 жастағы Абдуқодир Ҳусанов бар. «Ланс» қурамында ойнап атырған бул орайлық қорғаўшы Европаның бир қатар топ-клубларын ҳайран қалдырмақта. «Манчестер Сити» бул трансфер бойынша бәсекилерин артта қалдырыў ушын ҳәрекетти баслаған.
Футболшының ўәкили Ғайрат Хасбиуллин болса бул бойынша ақырғы жаңалықларды мәлим етти.
«Абдуқодир өз позициясында Европаның ең жақсы футболшыларынан бири екенин әлле қашан дәлилледи. Ол жас ҳәм ҳәр күни күшейип бармақта. Ол Европаның ең жақсы клубларында ойнаўға ылайық. Бизиң «Ланс» пенен жүдә жақсы мүнәсибетлеримиз бар, клуб та футболшы ушын ең жақсы таңлаўды әмелге асырыў тәрепдары. Егер трансфер табыслы әмелге асса, клуб жас футболшыға исеним билдиргени ушын мүнәсип сыйлық алады», деди Хасбиуллин АС газетасына берген интервьюинде.
Футболшы шама менен 20 миллион евроға баҳаланбақта. «Ланс»тың тийкарғы ойыншысы болған өзбек футболшысы «ПСЖ» ҳәм АПЛдың бир неше топ клублары итибарын да тартқан. Көринисинен, бул кескин гүрес «Манчестер Сити» ҳәм «Реал Мадрид» арасында өтиўи күтилмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги