Өзбекстан Республикасында некелениўши ҳаяллардың жасына қарай бөлистирилиўи бойынша мағлыўмат берилди.
Статистика агентлигиниң мағлыўматына бола, 2024-жылдың январь-ноябрь айларында, республика бойынша 246 979 неке жағдайлары ПҲАЖ уйымларында белгиленген.
Дизимге алынған некелерди ҳаял-қызлардың жас топарлары бойынша бөлистирилиўи, процентлерде:
– 20 жасқа шекем — 37,5 процент;
– 20 – 30 жасқа шекем — 54,0 процент;
– 31 – 40 жас — 6,6 процент;
– 41 жас ҳәм үлкенлер — 1,9 процент.
Қарақалпақстан хабар агентлиги