Филиппинде Рождество ҳәм Жаңа жыл байрамлары мүнәсибети менен атылған «паңқылдақ»лар тәсиринде үш адам қайтыс болды.

Соның менен бирге, бул сәнелер дәўиринде салют атыўға байланыслы жәбирленгенлер саны да артты. Бул ҳаққында мәмлекет Денсаўлықты сақлаў департаментине сүйенип, жетекши мәлимлеме агентлиги хабар берди.

Анық болғанындай, 2024-жыл 22-декабрьден 2025-жыл 4-январьға шекем анықланған жарақатлар саны 771 ти қурады. Жәбир көргенлердиң 453 и 19 жасқа жетпеген жас өспиримлер екени өкинишли.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги