Канаданың Оттава қаласында хоккей бойынша жаслар арасында жәҳән чемпионаты өз жуўмағына жетти.

«Canadian Tire Centre» аренада өткерилген финал ушырасыўында  АҚШ ҳәм Финляндия сайланды командалары өз-ара ушырасты ҳәм кескин өткен ойынның тийкарғы ўақты 3:3 есабы менен жуўмақланды.

Қосымша таймларда болса, Тедди Стиг тәрепинен дәрўазаға урылған гол АҚШ сайланды командасына екинши мәрте жәҳән чемпионлығын алып келди.

Ал, қола медалы ушын болған беллесиўде болса, Чехия ҳәм Швеция сайланды командалары өз-ара ушырасты ҳәм ойынның тийкарғы ўақты 2:2 есабы менен жуўмақланды.

Төреши тәрепинен қосып берилген овертаймда да есап өзгерместен қалды. Буллитлер сериясында болса, әўмет чехларға күлип бағып, чемпионаттың қола медалы менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы