Қарақалпақстан Республикасы судында өткерилген гезектеги Президиум мәжилисинде биринши мәрте судьялық лаўазымына тайынланған судьяның ант қабыллаў мәресими өткерилди.  

Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2024-жыл 28-декабрь күнги Президиум қарары менен судьялық лаўазымында болыўдың биринши бес жыллық мүддетине тайынланған Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислери бойынша Әмиўдәрья районы судының судьясы Муҳаббат Кайпованың анты қабыл етилди.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы К.Тарихов шығып сөйлеп, Қарақалпақстан судьялар корпусына жаңадан қосылып атырған ўәкилге исеним билдирип, әдил судлаўды әмелге асырыўдай машаққатлы, соның менен бирге, мақтанышлы исте табыслар тиледи. Судларда узақ жыллардан берли даўам етип киятырған «Устаз-шәкирт» дәстүри тийкарында жаңа ўәкилге тәжирийбели судья устаз етип бириктирилди.

Илажда устаз судьялар ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жас судьяға өзлериниң ең жақсы тилеклерин билдирди.

Әлбетте, жаңадан судьялар корпусына қосылып атырған ўәкил өзине билдирилип атырған исенимди ақлаўға тек ғана нызам тийкарында әдил қарар шығарыўға, бул ушын бар билим ҳәм тәжирийбесин аянбай жумсаўға ўәде етти.

Ант қабыллаған судьяға әдил судлаўды әмелге асырыўда ең зәрүр қолланба Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳәм “Судьялар әдеби” китабы саўға етилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги