Нызамшылыққа бола, қәўендерлик жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларға төмендеги жағдайларда белгиленеди:
– ата-анасы қайтыс болғанда яки суд тәрепинен қайтыс болған деп жәрияланғанда;
– ата-анасы суд қарары менен ата-аналық ҳуқықынан айырылғанда яки олардың ата-аналық ҳуқықы шекленгенде;
– ата-анасы еки айдан аслам наўқас болыўы ақыбетинде өзлериниң ата-аналық миннетлемелерин орынлай алмағанда;
– ата-анасы суд қарары менен қарым-қатнасқа уқыпсыз деп табылғанда;
– ата-анасы дәрексиз жоғалғанда;
– ата-анасы балаларды тәрбиялаў яки олардың ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаўдан бас тартқанда, сондай-ақ, ата-ана тәрбия, емлеў орынлары, медициналық-социаллық мәкемелер ҳәм соған уқсас орынлардан баласын алыўдан бас тартқанда, сондай-ақ басқа әҳмийетли жағдайларда.
Қарақалпақстан хабар агентлиги