Ўақытлар аралық саяхат әсирлерден берли инсаниятты ҳайран қалдырып келеди, тарийхқа саяхат ҳәм келешекке нәзер менен байланыслы түрли ўақыяларды пайда етеди. Қараң, ҳақыйқый пәрўазда да өтмишке «саяхат етиў» мүмкин екен! 2025-жылы ҳаўаға көтерилген ҳәм 2024-жылы Жерге қонған «Cathay Pacific» самолёты менен физика нызамы бузылмастан, сондай ўақыя жүз берди.

Гәп сонда, бул түрдеги авиакомпанияның CХ880 жөнелисли рейси жергиликли ўақыт пенен 2025-жылдың дәслепки күни сәнесинде, ярым түннен кейин Гонконгтан пәрўаз етип, Лос-Анджелес халықаралық аэропортына 2024-жылдың Жаңа жыл ўақтында жетип келди.

Бул жағдай қалай жүз берди, дейсиз бе? Самолёт 12 саатлық саяхаттың ярымында Халықаралық сәне сызығын кесип, Тыныш океаны бойлап ушып өтти.

«Zee News»тиң жазыўынша, жолаўшылар мәнзилге жетип келип, ўақыт еле 2024-жылдың 31-декабрь екенин билди. Бул жағдай илимий фантастикадай болыўы мүмкин, бирақ сораўдың жуўабы ўақыт машинасында емес, ал географияда.

Халықаралық сәне сызығы не?

Халықаралық сәне сызығы (IDL) көринбес шегара болып, Тыныш океаны арқалы, шама менен 180 градуслы узынлық бойлап өткен. Бул өлшем календарь сәнесин өзгертетуғын сызық ўазыйпасын атқарады.

Яғный, егер сиз Гонконгтан Лос-Анджелеске IDL арқалы шығысқа ушсаңыз, мәнзилге жөнеген ўақтыңыздан алдын жетип барасыз – саат ҳәм календарь бойынша, әлбетте.

 

Бир жаңа жылды еки мәрте белгиледи

CХ880 рейси жолаўшылары ушын бул жылдағы саяхат ғайрытәбийғый болды. Олар Гонконгта Жаңа жыл байрамын белгилеп болып, пәрўаздан кейин Лос-Анджелеске қонғаннан кейин, 2025-жылды екинши мәрте күтип алды.

Ўақыттың қызық зигзаги

Сәнени өзгерте алатуғын Халықаралық сәне сызығы туўры бармаған. Керисинше, мәмлекетлер ҳәм атаўларды қамтып алыўы ушын қыйсық форма алып, аймақларды еки түрли календарь өлшемине бойсыныўының алдын алған.

Социаллық медиа сенсациясы

Бул өзгеше «ўақыт саяхаты» социаллық тармақта түрли додалаўларға себеп болды, себеби адамлар бир Жаңа жыл еки мәрте белгилениўи әжептәўирлигинен ҳайран болды. Ҳақыйқый дәўир саяхаты болмаса-да, бул тәжирийбе жолаўшыларға география ҳәм ўақыт бир-бири менен беккемлигин байланысты аңлаў имканиятын берди.

Сиз де Тыныш океаны бойлап пәрўаз еткениңизде саатыңызды бақлап барың, итимал ўақыт ишинде саяхат етесиз…

 

Ўткир Мирзо, ӨзА