Министрлер Кабинетиниң «Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң ашықлықты тәмийинлеў тараўындағы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерде белгиленген миннетлемелерге әмел етилиўин аралықтан мониторинг етиў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарарға қол қойылды.

Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги тәрепинен ислеп шығылған қарар менен мәмлекетлик уйымлардың ашықлықты тәмийинлеў тараўындағы миннетлемелерге әмел етилиўи аралықтан мониторинг етиў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.

Режеде аралықтан мониторинг етиў, нәтийжелерин рәсмийлестириў, көрип шығыў тәртиби ҳәм мүддетлери белгиленди.

Қарар менен Ашық мағлыўматлар сыпатында жайластырылыўы керек болған социаллық әҳмийетке ийе мағлыўматлардың үлги түрлери тастыйықланды.

Үлги түрлери Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысында ашықлықты тәмийинлеў, сондай-ақ, жәмийетлик қадағалаўды нәтийжели әмелге асырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманы менен тастыйықланған Ашық мағлыўматлар сыпатында жайластырылыўы керек болған социаллық әҳмийетке ийе мағлыўматлардың дизимине киргизилген 40 категориядағы мағлыўматлар тийкарында ислеп шығылған.

ӨзА