Мароккода ақырғы 50 жыл ишинде дәслепки мәрте қар жаўды, деп хабар береди «Maghreb Arabe Press» телеканалы. Мәмлекет миллий метеорология орайы бундай ҳаўа-райын Арқа Европадан суўық ҳаўа ағымының кирип келиўи менен байланыстырмақта.
Атап өтилиўинше, бир қанша ўәлаятлар, атап айтқанда Азилаль, Бени-Меллаль, Ифран, Мидельт, Тарудант, Тингир, Варзазат ҳәм Ал-Ҳавзда да қар жаўыўы бақланған. Айырым районларда қар 35-40 сантиметр қалынлықта жаўған, таўлы районларда болса ҳаўаның температурасы -5 дәрежеге шекем түсип кеткен.
Жергиликли халық тәбияттың бундай ҳәдийсесинен пайдаланыў мақсетинде Мароккодан бир саат узақлықта жайласқан Укаймден таў курортына жол алды.
Азиза Алимова таярлады, ӨзА