Әмиўдәрья районы Айбек мәҳәллесинде «Хусния»  мәмлекетлик емес мектепке шекемги орайдың қурылыс жумыслары жуўмақланып, пайдаланыўға тапсырылды.  Бақша Президентимиздиң «Мектепке шекемги билимлендириў системасын жәнеде жетилистириў ҳәм раўажландырыў илажлары ҳаққында» ғы  қарары тийкарында 3 млрд сум  қаржы есабынан қурылып, барлық заманагөй шараятлар жаратылған.



Бақшаның ашылыў мәресиминде сөзге шыққанлар,  мәмлекетимизде мектепке шекемги билимлендириў тараўына үлкен итибар қаратылып атырғанлығы ҳәм бул бағдарда әмелге асырылып атырған жумысларға кеңнен тоқтап өтти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги