Қытайдың арқа тәрепиндеги Хэбэй провинциясы Чэндэ районында «Фэннин» суў электр станциясы өткен жылдың ақыры – 31-декабрь күни толық қуўатлылық пенен жумыс ислей баслады. Бул объект жер жүзиндеги ең ири насослы электр станциясы есапланады.
Қытайдың «China Daily» газетасы хабарында айтылыўынша, комплекстиң улыўма қуўатлылығы 3,6 миллион киловатт, жыллық энергия ислеп шығарыў муғдары 6,6 миллиард киловатт-сааттан артады. Бул аккумулятор дерлик 2,6 миллион шаңараққа бир жыл даўамында тоқ жеткерип бере алады.
Объекттиң қурылысы рәсмий 2013-жылы басланған еди.
ӨзА