Қанлыкөл районындағы “Агротех Сервис“ кластер ЖШЖ да Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеӊеси баслығыныӊ биринши орынбасары К.Сабиров, Қарақалпақстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеӊесиниң баслығы И.Юнусов, район ҳәкимлиги, фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеӊеси тәрепинен техникалардыӊ бәҳәрги егис мәўсимине таярлығы көзден өткерилди.
Президентимиздиӊ “Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың бǝнтлигин тǝмийинлеўдиң қосымша илажлары ҳаққында”ғы қарары тийкарында “Қанлыкөл техника-сервис орайы” ҳәм “Агро-Тех-Кластер” ЖШЖ ға 15 дана New Holland 70-60 сүрим тракторы, 15 дана айланбалы заманагөй плуг, 3 дана универсал сеялка, 1 дана дискалы (дискавой ворона) агрегат, 3 дана пахта териў машинасы, 3 дана лазерли жер тегислеўши үскене ҳәм 10 дана қатар арасын қайта ислеўши тракторлар алып келинген.
Атап өтилгениндей, техникаларды ҳәзирден баслап егис мәўсимине таярлаў, бәҳәрги егис мапазының өнимли ҳәм нәтийжели болыўына тийкар жаратады.
Қатнасыўшылар райондағы «Арзымбетқум» АПЖ дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери тәрепинен жетистирилип атырған өнимлерди де көрип, бүгинги жумыслары менен танысты.
Аймақтағы С.Өтепбергеновтың шаӊарағында жетистирилип атырған қулпынай сортларын тәрбиялаў ҳәм нәл алыў жумыслары көзден өткерилди.
Жумысшы топар ағзалары аўыл хожалығы егинлериниӊ агротехникасы бойынша өзлериниӊ пикир-усынысларын билдирип, ўазыйпалар белгиленди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги