Елимизде тараўларды раўажландырыў, халықтың турмыс  шараятын жақсылаў бойынша алып барылып атырған жумыслар орынларда даўам етип, ийгиликли мақсетлер жолындағы унамлы ислер көзге тасланбақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 21-декабрьдеги «Мәҳәлле институтының жәмийеттеги ролин түп-тийкарынан жақсылаў ҳәм оның халықтың машқалаларын шешиўде биринши буўын сыпатында ислеўин тәмийинлеўге қаратылған илажлар ҳаққында» ғы  пәрманына тийкарланып, физикалық тәреплерден алынған мүлк ҳәм жер салығы бойынша өндирилген  қәрежетлердиң 10 процентин мәҳәлледе қалдырыў белгиленген еди. Бул қарежетлер есабынан Беруний районы «Тынышлық» аўыл пуқаралар жыйыны аймағына кирип келиўдеги дәрўаза қайта оңланды. Усы дәрўаза 1982-жылда қурылған болып, ҳәзирги ўақытта заманагөй көриниске алып келинди.

«Тынышлық» аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы пуқара Журабек Эрманов өзиниң исбилерменлик жумысларын жолға қойып, ҳәким жәрдемшисиниң көмеги менен 66 млн сум жеңиллетилген кредит алып, Ташкент ўәлаятынан 17 қарамал алып келип, еки пуқараны жумыс пенен тәмийинледи.

Әлийшер Еримбетовтың мүрәжатына тийкарланып, ҳәким жәрдемшиси тәрепинен оның  шаңарағына субсидия есабынан 1 сотыхлы ыссыхана қурып берилди. Буның нәтийжесинде усы пуқараның шаңарағы қосымша 15-20 млн сум дәраматқа ийе болатуғын болды. Сондай-ақ, жуўапкери қәнигелер тәрепинен байрам мүнәсибети менен жасы үлкенлердиң жағдайларынан хабар алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги