Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының баслығы А.Нурлипесов ҳәм жынаят ислери бойынша Қараөзек районы судының баслығы Р.Каўкышевлар тәрепинен көшпели қабыллаў өткерилди.
Онда Қараөзек районы турғынларының суд-ҳуқық тараўына байланыслы мүрәжатлары тыңланды.
Қабыллаў даўамында пуқаралардың ҳәкимшилик, жынаят, пуқаралық ҳәм экономикалық судлаўға байланыслы мүрәжатлары үйренилип, ҳуқықый түсиниклер берилди. Мүддет ҳәм ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар қадағалаўға алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги