«Еркин Қарақалпақстан» газетасының 100 жыллығы алдынан
Бир мәжилисте дусласқанымызда «Еркин Қарақалпақстан» газетасының Бас редакторы ўазыйпасын атқарыўшы Қурбанбай Байниязов: «Апа, быйыл газетаның 100 жыллығын белгилейин деп атырмыз. Ѳзиңиз ислеген дәўирлерден еске түсириўлериңиз болса, усы сәне алдынан жәриялар едик» дегенде қуўанып кеттим. Мени журналист сыпатында қәлиплестирген, журтқа азлы-кѳпли танытқан, мәмлекетлик сыйлықққа миясар еткен газетам, усы редакция тарийхында қалған зәбердес инсанлар туўралы еске түсириўлер зәрүр болса, «Еркин…» десе қәлем пақыр еле «суўлыққа таслап» турса, неге жазбас екенмен?! Солай етип, дәслепки «Мен билген-билмеген редакторлар» атлы мақаламның кейни дүркинге айланып кетти. «Бизлер жүдә аз едик», «Әҳмийетли буўында из қалдырған инсанлар» атлы мақалаларым жарық кѳрди. Бүгин усы редакцияда қәлем тербеткен устазлар туўралы кеўлиме түйгенлеримди бѳлиспекшимен.
Қыйын болса да сол дәўирлердеги умтылыс, жуўапкершилик басқаша еди. Бизлер «Еркин Қарақалпақстан»да ҳәзирги тил менен айтқанда, күшли команда жәмленген ўақытта ислеппиз. Атажан Халмуратов, Қайбулла Ерниязов, Артықбай Камалов, Тәңирберген Худайбергенов, Қурбанбай Байниязов, Бухарбай Тилеўмуратов, Тамара Машарипова, Даўыт Абибуллаев, Абдулла Ембергенов, Қонысбай Реймов, Сағындық Жаниевлар қарақалпақ күнделикли баспасѳзиниң ең алдыңғы қатардағы ўәкиллери болды. Газетаның 100 жыллық сәнеси мүнәсибети менен бул журналистлердиң ҳәр бири туўралы очерклер, эсселер жазылса кѳп болмайды.
Есенбай Ерманов
Мени «Еркин…»ге жумысқа қабыллаған күни Бас редактор кишигирим мәжилис ѳткерди. Мәжилисте айырым хызметкерлердиң маған берген сораўларынан «енди қалай болар екен?» деп ойланып қалдым. Бѳлимге алып барған соң кѳрсеткен столына отырғаным сол, қолында иширткидей ғана қағазы бар Есенбай аға кирип келди.
-Мына темалар дѳгерегинде жазсаң, мақалаларың тез шығады. Булар бираз ўақыттан бери газетада кѳринбей атыр,-деди де қағазын алдыма қойып шығып кетти.
Ҳақыйқатында да Есенбай аға айтқандай болды, жазғаным жазғандай жарық кѳре баслады. Кейин билсем, ол жаңадан келген журналистлердиң бәрине де бағдар кѳрсетип, «иширтки» береди екен.
Есенбай Ерманов ѳмири даўамында «Еркин Қарақалпақстан»ның нағыз «оты менен кирип, күли менен шыққан» пидайы журналисти болды. Ол қыстың қақаман боранлары менен жаздың мыс қайнаған ыссыларында да редакцияда отырған емес. Усы газетада он жыл арнаўлы хабаршы, қырқ жыл бѳлим баслығы болып ислеген оның Қарақалпақстанда табаны тиймеген аўылы, қәлемге алмаған хожалығы жоқ десем лап болмайды. Районға жоллама менен кетти деген ағамыз барған аўылларынан жазылған таяр мақалалары менен келер еди. Жыйнап келген мағлыўматларын жазып береди де, «район қайдасаң» деп атлана береди. Сол дәўирлердеги газета тигиндилерин ақтарсаң, Е.Ермановтан кѳп мақала жазған хабаршы жоқ.
Есенбай аға сиясий жақтан жүдә сақ болды. Ѳзи тексерип, кѳзи жеткен айырым сын мақалалары болмаса, қәлиптен шығатуғын нәрселерге қол ура бермеди, бѳлиминдеги хабаршыларды да соған бейимлестирди (бир мәрте «летушка»да мақаласына сын пикир айтаман деп, қайтып айтпастай болғанман. Булар туўралы да қызықлы еске түсириўлерим бар). Ол бизлерге «Еркин Қарақалпақстан» сиясий газета екенлигин, сиясий газетаға алды-қашты гәплер жараспайтуғынын уқтырыўға тырысты. Қараўындағы қәлеми еле ысылмаған айырым хабаршылардың жазғанларын автордың ѳзи танымастай дәрежеде қайта иследи, мынаўың болмайды деп қайтарып бермеди, үйретиўден жалықпады.
Газеталарда ярым әсир қәлем тербеткен Есенбай Ерманов Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист ҳүрметли атағы, «Ардақлы нураный» кѳкирек нышаны менен сыйлықланды.
Устазымыз 85 жасқа шамаласқаны менен еле қәлемин таслаған жоқ. Баспа жүзин кѳрген «Жумабай жыраў», «Ақыл кѳзи менен қара», «Дәўлет қусы», «Парыз» ҳәм басқа да бир қатар китаплары Есенбай Ермановты халыққа жазыўшы сыпатында да танытты.
Халила Дәўлетназаров
Шайыр Халила Дәўлетназаров журналист Халила Дәўлетназаровқа усамайды. Оның дѳретиўшилигин бақлап баратуғынлар буны аңласа керек.
«Еркин Қарақалпақстан» газетасы бас редакторының орынбасары лаўазымында ислеген жыллары бизиң бѳлимнен таярланған барлық материаллар оның қолынан ѳтер еди. Уллылық әпиўайылық пенен қатар жүреди дейди. Сол айтқандай, Халиланың минезинен де, ел-журтын барлық нәрседен үстин қоя билиўинен де, оны тәриплеўинен де әтирапындағылардың сабақ аларлық тәреплери кѳп.
Ол мениң «қағазға орай бермей» жазғанларымды, ара-арасында «аспаннан тараша таслағандай» минезлеримди оншелли хош кѳрмегени менен ретли жеринде баслығымыздың бири сыпатында «тез»ге салып қойыўға асықпады. Ҳаяллар, аналар, ойсызлық ақыбетлери туўралы туў-ў ана жақлардан айландырып алып келетуғын пикирлерине «жатығы менен түсиндириў деген усындай-ақ болар» деп ойлағаным менен жуқты деп айта алмайман.
Халила кәсиплеслериниң бәрине де аға-инидей, апа-қарындасларындай мүнәсибетте болды. Ол ҳәммени түсиниўге ҳәрекет етти. Оның кѳмешине күл тартқанын, жеке мәпин басқалардан үстин қойғанын кѳрмегенбиз. Ара-арасында есилдирип, сезимлерин толық жеткерип жазған публицистикалары болмаса, мақалаларында журналист сыпатында кескин пикирлерин билдире бермес еди.
Шайыр Халила менен журналист Халиланың арасында әдеўир парқ бар дегенимниң мәниси, шайыр Халила поэзияда кеўлинде не зәрдеси, пикири, қандай сүйишпеншилиги, қанша улығлаўы болса, барынша тѳгиледи. Ол ҳәмийше халық пенен бирге, халқының қуўанышы, табыслары, муңы, әрманлары менен жасап киятыр. Оның қосықларына атақлы композиторлар тәрепинен еки жүзден аслам намалар дѳретилгени бийкарға емес.
Халила Дәўлетназаровтың баспадан шыққан оннан аслам поэзиялық топламлары менен он бир поэмасы китап оқыўшыларының қолында. Қосықларын қыссаханлық жолында оқыўы оны халыққа және де жақынластырды.
Ѳзбекстан Республикасына хызмет кѳрсеткен журналист, Қарақалпақстан халық шайыры атақларына миясар болған ол 2009-жылдан бери «Әмиўдәрья» журналының бас редакторы лаўазымында ислеп, қарақалпақ әдебиятының раўажланыўына салмақлы үлеслерин қосып киятыр.
Абдулла Ҳәбипов
Абдулла аға мен дѳретиўшилигине ҳәўес пенен қараған санаўлы журналистлерден. Ол Ташкент мәмлекетлик университетиниң журналистика факультетин тамамлаған, ўақтында ѳткир қәлеми менен танылған, жазған фельетонлары пүткил бир тараўдың жумысларын қайта кѳрип шығыўға себепши болған, «кѳтерип соқпайы» басымлаў қәлем ийеси. Оның сыйқақ мақалалары жоқтың қасында, түйири бар, пикир оятататуғын мәселелерди қозғаған, ѳткир сынға алған.
Ол жүдә кѳп китаплар оқыған ҳәм оқыўдан шаршамайтуғын журналист. Оның бай китапханасында жәҳән әдебиятының ең жақсы дүрданалары орын алған. Сонлықтан да кѳз қарасы, пикирлеў дүньясы басқа журналистлерге усай бермейди. Тиккелей айта беретуғын кескин пикирлеринен биразларға жақпай қалатуғын тәреплери де жоқ емес.
Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист А.Ҳәбипов «Еркин Қарақалпақстан»ға келип-кетип жүрип ислегени менен газета тарийхында из қалдырған қәлем ийеси. Ол «Қарақалпақстан жаслары», «Жеткиншек» газеталарында бѳлим баслығы, «Профсоюз турмысы» газетасының бас редакторы, Нѳкис қаласы атқарыў комитетинде жуўаплы хызметлерди атқарған. Ал, «Еркин…»де узақ жыллар бѳлим баслығы, жуўаплы хаткер лаўазымларында иследи. Ҳақыйқатын айтқанда, журналисттиң қанша жыл ислегени емес, қалай ислегени әҳмийетли екенин есапқа алсақ, Абдулла Ҳәбиповтың газетадағы қунлы дѳретпелери жоқарыдан усыныс етилген лаўазымларға барып-келгенлерин билдиртпейди.
Ѳмирбай Ѳтеўлиев
Ол туўралы жазыўға кѳпшилик журналистлер тартынады. Солардың қатарында мен де. Себеби, бул әтирапта Ѳмирбай Ѳтеўлиев мойынлағандай журналистиң ѳзи жоқ. Ол басқаларды айтпағанда, ѳзин де аямайды. Оқыўшысына усынатуғын ҳәрбир сѳз оның ушын қымбат. Ѳзин-ѳзи сызады, бир жазғанын бес мәрте кѳрип шығып, дүзетиўлерден шаршамайды. Басқа қәлемлеслерине де усы кѳз қарастан баҳа беретуғын Ѳмирбайдың сын пикирлерине қулақларымыз үйренип кеткен. Оннан мақтаў еситиў ҳешкимниң қыялына да келмейди. «Летушка»ға Ѳмирбай гезекши болған күни ѳзиңе ѳзиң ҳай берип бара бересең.
Мийнет жолында ѳмириниң ярымы дүзде ѳткен Ѳмирбай ушын алыс район жоқ. Бизлердей ҳәкимиятқа сәскеде барып, керекли хызметкерди таба алмай, ўақытын заялап күтип отыратуғынлардан емес. Жумыс күни аяқланып атырғанда «басшы дегенди жатағынан услайсаң» деп районларға кетип баратырғанына ҳешким таңланбады. Күн менен түн бирдей болған журналистти Ѳмирбайда кѳрдик. Ол биреўдиң айтқанын емес, кѳзиниң кѳргенин хатқа түсирди. Сын мақалаларына ҳешким дәдимал айта алмайтуғын етип сыналап жазды.
Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист, «Шухрат» медалының ийеси Ѳ.Ѳтеўлиев тәбияттың, ҳайўанатлар дүньясының ашығы. Оннан жылқылар, түлкилер, қасқырлар, ийтлер, қуслар, қулласы, қәлемине илинбей қалған жәниўар жоқ. Оқыўшыларын қызықтырып, майын тамызып жазған мақалалары, тәбиятты тәриплеп жазған публицистикалары менен гүрриңлери, китаплары нешше бир халық аралық таңлаўларда жеңимпаз болды.
Быйыл 70 жасты қарсы алған Ѳмирбай ҳәр жылы баспадан бир китабы шықпаса, кеўли кеншимейтуғын, шаршаўды билмейтуғын журналист-жазыўшы.
Оразбай Сәтбаев
Сонша таланты менен шеннен тыс әпиўайылықты Оразбай Сәтбаевта кѳрдим. Ўақтында қосықларын қатарма-қатар дүзетип, алдыларына түсип газеталарға шығартып «шайыр»лық дәрежесине жетистирген шәкиртлери бүгин Оразбайдан да тѳрде…
Буларды не ушын айтып отырман? Себеби, екеўимиз де «Жалпақ жап»лымыз, қатармыз. «Еркин Қарақалпақстан»ға жумысқа келген күннен баслап, ҳүрметли дем алысқа шыққанға шекем бир ханада отырып жумыс иследик. Оны қандай «талант» ийелери «сағынып» келетуғынын, олардың қосықларын қалай келеге келтиргенлерин кѳрип, гүўасы болып отырғанбыз. Оразбайдың таланты маған берилгенде ме, деп гижине беретуғынымның мәниси сол.
Оразбай аса талантлы шайыр, ѳзине тән жолына, ѳзгелерге усай бермейтуғын қәлемине ийе журналист. Аз жазса да, саз жазды. Газетаға сол күни кетиўи керек қыстаўлы тапсырмалар бар ма, аўдармалар ислениўи керек пе, Оразбайға тапсырылды ҳәм ол сол заматтың ѳзинде ҳешким қәлем тийгизе алмайтуғын дәрежеде орынлады. Усындай ишки тығыз жумыслар менен бәрқулла бәнт болғанлықтан, оның районларға шыққан-шықпағаны билинбеди. Ол газетада әдебий хызметкер, жуўаплы хаткер, соңынан хатлар бѳлиминиң баслығы лаўазымларында жумыс алып барды. Кѳбинесе редакцияға келген хатлар, шағымлар менен шуғылланды.
Оразбай Сәтбаев «Еркин Қарақалпақстан»ға жумысқа қабылланған бир буйрық пенен пенсияға шыққанға шекем ислеген, қәлемине садық журналистлерден. Оны жоқары уйымларға жумысқа шақырғанда бармағанын, редакцияны мақул кѳргенин биразлар биле бермейди.
Мен Оразбайдан нелерди үйрендим? Талант жуғатуғын нәрсе емес, бирақ, биринши гезекте тилдиң тазалығына итибарды, сѳзлердиң синонимлерин таўып қолланыўды (бир ханада ислеўшилердиң бийминнет жанлы сѳзлиги болды), жуўапкершиликти үйрендим. Ол жумыстан ҳеш кешикпес ҳәм жумыстан кейин нәўбетши болмаса бир минут та иркилмес еди (Оразбайдың дәл ўақыт пенен ислеўи қәйин атасы, атақлы шайыр Халмурат Сапаровқа усайды деп ҳәзиллесер едик).
Оразбай Сәтбаевтың мийнетлери ылайықлы баҳаланып, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист атағына миясар болды.
Усы газетаға жумысқа алған бас редактор, уллы шайырымыз Ибрайым Юсуповтың: «Қосықларыңды оқып жүриппен, ташкентли студент сен екенсең ғой. Газетада ислейтуғын болсаң, поэзияны умытасаң. Ѳзим де қосықты сағынып ҳәр ўақытта жазаман» дегенин Оразбай қулағының арты менен тыңлаған. Ѳйткени «ЕркинҚарақалпақстан»да ислеп жүрип он поэманың, он бестен аслам қосықлар топламының авторы болған. 50 ден зыят қосықларына намалар жазылған. Поэзиялық топламлары ѳзбек ҳәм қырғыз тиллеринде баспадан шыққан. Бир неше халық аралық таңлаўлардың жеңимпазы, поэзия бағдарында «Алтын қәлем», гран-при сыйлықларының ийеси. Быйылғы жылы шайырдың көп жыллық дөретиўшилик мийнетлери ылайықлы баҳаланып, «Дўстлик» ордени менен сыйлықланды.
Қулласы, усындай күшли талант ийелери менен қатар қәлем тербетип, шеп болмадым.
Пердегүл Хожамуратова,
Қарақалпақстан Республикасына
мийнети сиңген журналист.
Қарақалпақстан хабар агентлиги