Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Экспортты қоллап-қуўатлаў илажларының Жәҳән саўда шөлкеми келисимлерине муўапықластырылыўы мүнәсибети менен айырым ҳүжетлерге өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди. Пәрманға бола, экспортқа байланыслы қаржыландырыў ҳәм қәрежетлерди компенсациялаўда бир қатар өзгерислер енгизилди.

Пәрманға муўапық, экспорт етиўши шөлкемлердиң 2024-жыл 31-декабрьге шекем әмелге асырған экспорты ушын 2025-жыл 1-февральға шекем субсидия ҳәм компенсациялар бериледи. Онда автомобиль, ҳаўа ҳәм темир жол транспортындағы экспортқа тасыў қәрежетлериниң компенсациялаў әмелияты 2025-жылдан баслап бийкар етиледи.

Экспортты қаржыландырыў механизмлери жетилистирилип, оны Жәҳән саўда шөлкеми талапларына муўапықластырыў мақсетинде реформалар әмелге асырылады. Бул өзгерислер халықаралық саўда қағыйдаларына бейимлесиў ҳәм экспорт потенциалын арттырыўға қаратылған.

Жаңа илажлар 2025-жыл 1-январьдан күшке киреди. Пәрман экспорт тараўындағы қаржылай қоллап-қуўатлаўды нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм миллий саўданы халықаралық стандартларға муўапықластырыўда үлкен қәдем болады.

Бул реформалар арқалы экспорт етиўши шөлкемлер ушын жаңа имканиятлар жаратылыўы, соның менен бирге, Жәҳән саўда шөлкеми талапларына жуўап беретуғын беккем тийкар қәлиплесиўи күтилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги