2025-жыл 1-январьдан баслап ҳәкимликлер, министрлик ҳәм уйымлар, ири шөлкемлерде олардың биринши басшыларының басшылығында коллегиал тийкарда «Қәўиплерди басқарыў» комитетлери дүзиледи. Бул ҳаққында «Бюджет қаржыларынан пайдаланыў үстинен қаржылай қадағалаўды күшейтиў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы Президент пәрманында келтирилген.

2025-жылдан баслап мәмлекетлик бюджет ҳәм мәмлекетлик мақсетли қаржылар есабынан аймақларға бөлистирилген қаржылар бойынша мағлыўматлар тийисли халық депутаталары Кеңеслерине бериледи.

Онда халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң аймақларға Мәмлекетлик бюджет ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлардан ажыратылып атырған қаржылар бойынша сораўы ҳәм қадағалаўы жолға қойылады.

Ҳәр шеректе Есап палатасы тәрепинен өткерилген қадағалаў илажларының жуўмақлары бойынша берилген мәлимлемелер Ҳүкиметтиң мәжилислеринде додаланып барылады.

2025-жыл 1-январьдан баслап қаржылай ҳәм басқа қәўиплердиң алдын алыў ушын Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық ҳәкимликлери, министрлик ҳәм уйымлар, устав фондында (устав капиталында) мәмлекетлик үлеси 50 процент ҳәм оннан артық болған ири шөлкемлерде олардың биринши басшылары басшылығында коллегиал тийкарда «Қәўиплерди басқарыў» комитетлери дүзиледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги