Қубла Корея тергеўшилери Президент Юн Сок Ёлди қорғаған қәўипсизлик күшлери менен бес саат даўам еткен қарама-қарсылықтан соң оны қамаққа алыў ушын алып барып атырған ҳәрекетти тоқтатыўға қарар етти, деп жазды “РИА Новости” агентлиги.

– Қарама-қарсылық даўам етип атырғаны себепли қолға алыў әмелиятын орынлаў, дерлик, имкансыз болып қалды, – деди Орайлық разведка басқармасының жуўапкер ўәкили. – Биз ўақыя орнындағы офицерлердиң қәўипсизлигин ойлап, ордердиң орынланыўын тоқтатыўға қарар еттик.

Тергеўшилер менен Президент қәўипсизлик хызмети ҳәм пайтахт қорғаныў сәркардалығы қурамындағы тийисли әскерий бөлим хызметкерлери арасындағы тартыс нәтийже бермеди.

Кейинги ҳәрекетлер ҳәм қарарлар қандай болатуғынын ўақыт көрсетеди.

ӨзА