Келешекте пайдаланыў көп болатуғын азанғы – саат 06:00 ден 10:00 ге шекем, сондай-ақ, кешки саат 17:00 ден 22:00 ге шекемги ўақыт даўамында электромобильди қуўатландырғанлығы ушын салыстырма арттырылған, түнги ўақытта болса 50 процентке шекем арзанластырылған тариф қолланылыўы мүмкин.
Энергетика министрлиги мәлимлеме хызметиниң мәлим етиўинше, бул бағдарда тийисли қарар жойбары ислеп шығылған.
Министрликке бола, бүгинги күнде Өзбекстанда мыңға шамалас, Ташкент қаласында болса 500 ден артық қуўатландырыў станциялары ислеп турыпты.
2024-жыл 1-ноябрьге шекем Өзбекстанға 5 417 қуўатландырыў станциясы алып кирилген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги