Президенттиң 2024-жыл 27-декабрьдеги ПП-230-санлы пәрманы менен өткен жылы 12 августта қабыл етилген мийнет ҳақы, пенсия ҳәм напақаларды арттырыўға байланыслы 108-санлы пәрманға тийиисли өзгерис ҳәм қосымша киргизилди.

Оған бола, ендигиден былай бюджет шөлкемлеринде жумыс алып барыўшы медицина хызметкерлери менен биргеликте фармацевтика хызметкерлериниң де мийнет  ҳақылары 15 процентке арттырылады.

Еслетип өтемиз, ПП-108-санлы пәрманда 2024-жыл 1-октябрьден баслап бюджет шөлкемлеринде жумыс алып барыўшы медицина хызметкерлери, сондай-ақ, мектепке шекемги, улыўма билимлендириў, орта арнаўлы, профессионал ҳәм мектептен тысқары билимлендириў мәкемелери ҳәм шөлкемлери, «Мүриўбет» интернат үйлери, «Меҳрийбанлық» ҳәм Балалар үйлери, балалар санаторияларында жумыс алып барыўшы педагог хызметкерлердиң мийнет ҳақысы муғдарын 15 процентке арттырыў белгиленген еди,- деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

 

                                                                            Қарақалпақстан хабар агентлиги