«Социаллық картаны» айланысқа шығарыў ҳәм пайдаланыў ушын тапсырыў қаржы агенит ўазыйпасын атқарыўшы резидент коммерциялық банклер тәрепинен әмелге асырылады.
Онда:
-Барлық пуқаралар ушын дәслеп электрон социаллық карта айланысқа шығарылады ҳәм пайдаланыў ушын бериледи;
-Банк картасы түриндеги социаллық карта пуқаралардың өз қәлеўине бола айланысқа шығарылады ҳәм пайдаланыў ушын бериледи.
Усы жылы 27-декабрь күни қабыл етилген «Халықты социаллық қоллап-қуўатлаўда «социаллық карта» системасын енгизиў илажлары ҳаққында»ғы Ҳүкимет қарарына бола, сондай-ақ, «Социаллық карта»ны айланысқа шығарыў ҳәм пайдаланыў ушын бериў бойынша арзалар төмендегилер арқалы усынылады:
– БИМХП (my.gov.uz);
-«Социаллық карта» мобиль қосымшасы;
– «Инсан» социаллық хызметлер орайлары ҳәм айрықша жағдайларда социаллық хызметкерлер;
-қаржы агенти.
Социаллық картаны нәтийжели әмелиятта қолланыў ҳәм «Социаллық карта» АТ ҳәм мобиль қосымшаның керекли дәрежеде жумыс алып барыўын тәмийинлеў мақсетинде:
-2025-жыл 1-январьдан баслап «Социаллық карта» АТ ҳәм мобиль қосымшаның техникалық қоллап-қуўатлаў социаллық карта бойынша төлем хызметлерин көрсетиўши төлем шөлкеминиң түни-күни жумыс ислейтуғын техникалық хызмети тәрепинен әмелге асырылады;
-2025-жыл 1-февральдан социаллық картаны аайланысқа шығарыў ҳәм пайдаланыў ушын бериў мәселелери бойынша Агентликтиң мәлимлеме-мағлыўматнама хызметлерин көрсетиўши «1070» қысқа номери ҳәм түни-күни жумыс ислейтуғын хызметиниң («Исеним телефоны») жумысы тест режиминде жолға қойылады, -деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги