Қазақстан президенти Қасым-Жомарт Тоқаев 2024-жыл даўамында самолётта дерлик 159 мың километр жолды басып өтти. Бул Жер шарының оның экваторы бойлап төрт мәрте айланып шығыўға тең аралық болып есапланады.

Сол себепли Қазақстан президенти самолётта ҳәм вертолётта жәми 245 саат 18 минут ўақыт өткерген.

Бул санлар Қазақстан президенти баспасөз хызмети тәрепинен таярланған жыл жуўмақларына бағышланған таллаўларда көрсетилген.

Атап өтилгениндей, Тоқаев жыл даўамында 23 сырт ел сапарын әмелге асырған, 19  халықаралық форум ҳәм саммитте қатнасқан. Халықаралық илажлар шеңберинде 27 президент пенен, 84 мәмлекет, ҳүкимет басшылары ҳәм басқа жоқары мәртебели жуўапкерлер менен сөйлесиўлер өткерген.

Қазақстан 2024-жыл даўамында Шанхай бирге ислесиў шөлкеми, Түркий мәмлекетлер шөлкеми, Азияда бирге ислесиў ҳәм исеним илажлары бойынша кеңес, Коллектив қәўипсизлик шәртнамасы шөлкеми, Азық-аўқат қәўипсизлиги Ислам шөлкеми, Аралды қутқарыў халықаралық қоры сыяқлы структураларда басшылық еткени Астана сыртқы сиясатындағы жетискенликлер сыпатында атап өтилген.

Мағлыўмат орнында, Қазақстан президентиниң Жер шарын төрт мәрте айланыўға тең сапарларына Өзбекстанға болған сапарыда киреди. Алдын хабар бергенимиздей, 2024-жыл апрель айында Қасым-Жомарт Тоқаев Хийўа қаласында Өзбекстан президенти Шавкат Мирзиёев пенен ушырасқан еди.

Өзбекстан президенти баспасөз хызмети де мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевтиң 2024-жылдағы сыртқы сиясий илажларға , мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмысқа байланыслы ўақыяларға бай болған ҳәр тәреплеме жумысына байланыслы санларды жәриялағанын еслетип өтемиз,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

 

                                                                      Қарақалпақстан хабар агентлиги